Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-апрель күни мәмлекетимизге әмелий сапар менен келген Иран Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Муҳаммад Жавад Зарифти қабыллады.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Иран арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-логистика ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективалары додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы коронавирус пандемиясы келтирип шығарған қыйын шараятларға қарамастан, Өзбекстан-Иран қатнасықлары избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Министр Муҳаммад Жавад Зариф, өз гезегинде, қызғын қабыллағаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, Иран Президенти Ҳасан Руҳонийдиң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда экономикалық бирге ислесиў мәселелерине, саўда байланысларын раўажландырыў ҳәм жаңа кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Транспорт-коммуникация тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, атап айтқанда, Иранның теңиз портларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм Өзбекстан-Түркменстан-Иран-Оман транспорт коридорын раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың тәреплерди қызықтырған әҳмийетли тәреплери, соның ишинде, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм Аўғанстанда тынышлық процесин алға қойыў мәселелери додаланды.

Иран сыртқы  уйымы басшысы Өзбекстанның Аўғанстан бойынша тынышлық  сөйлесиўлерине жәрдем бериў, бул мәмлекетти регионаллық саўда-экономикалық бирге ислесиўге тартыў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

 

ӨзА