Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында «Реңлер жылўасында – ана Ўатан» атамасында жас дөретиўшилер таңлаўының  Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Таңлаў тийкарынан – Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жас талантлыларды анықлаў, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде  өткерилди.

Таңлаўға 15 жастан 25 жасқа шекемги 20 автор сүўретлеў көркем өнери, графика, мүсиншилик бағдарлары бойынша 40  тан аслам дөретиўшилик жумыслары менен қатнасты.

Таңлаў жуўмағында Хожели районындағы 4-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Нурсултан Тажимуратов биринши, Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеби оқыўшысы Динара Шамшетова екинши, Нөкис қаласындағы Есжан басқы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы  Шахсанем Хожабаева үшинши орынды ийеледи.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген