Бүгин, 1-апрель күни Нөкис қаласындағы улыўма 9 шаңарақлық поликлиникадағы коронавирусқа қарсы шаншыў пунктлеринде халықты «COVID-19» вирусына қарсы шаншыў илажлары басланды.

 

Шаншыў илажлары биринши гезекте 65 жастан жоқары болған адамлар ҳәм олар менен бирге қәўип асты топарына киретуғын медицина хызметкерлеринде өткерилиўи белгилеп алынды.

Халықты коронавирусқа қарсы шаншыў илажлары бир ўақыттың өзинде «COVAX» бағдарламасы арқалы алып келинген «AstraZeneca» ҳәм Қытай менен Өзбекстан илимпазлары авторлығында ислеп шығылған «ZF-UZ-VAC 2001» вакцинасы менен  халықтың қәлеўине қарай өткерилмекте.

 

– Аймағымызда коронавирусқа қарсы шаншыў мақсетинде 65 жастан жоқары болған 4122 пуқара анықланып, олар улыўмалық базаға киргизилди. Шаншыў илажлары басланбастан алдын олар арасында сораўнама өткерилди, – дейди Нөкис қаласындағы 8-санлы шаңарақлық поликлиникасының бас шыпакери Табассум Рузметова. – Бүгин усы пуқаралар арасынан өз ықтыяры менен келип, вакцина салдырып атырғанлар бар. Соның менен бирге, поликлиникамызда медициналық хызметкерлерде де шаншыў илажларын өткериў белгиленген. Буның ушын тәжирийбели шыпакерлерден ҳәм вакцинаторлардан ибарат 4 бригада шөлкемлестирилди.

Поликлиникада шаншыўдан алдын пуқараларды медициналық тексериў, қосымша дем алыў бөлмелери ҳәм басқа шараятлар жаратылған.

 

Аймақ турғынларын коронавирусқа қарсы шаншыў мақсетинде 200 дана «AstraZeneca» ҳәм 200 дана «ZF-UZ-VAC 2001» вакциналары жеткерип берилген болып, вакциналар тийисли шараятларда сақланбақта.

– Пайтахтымыздағы «Байтерек» МПЖ аймағында жасайман. Жасым 72 де. Бүгин елимизде басланып атырған вакцинация процесинде өз қәлеўим менен қатнасып, «ZF-UZ-VAC 2001» вакцинасын салдырдым. Биринши гезекте 65 жастан жоқары адамлар ушын исленип атырған бундай илажлар биздей нураныйларға мәмлекетимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығы, деп есаплайман, – дейди аймақ турғыны Тилеген ата Әжиниязов.

 

Вакцина салдырыўға келиўшилер биринши гезекте медициналық тексериўден өткерилип, кейин оларға вакциналар салыў жолға қойылған.

Шыпакерлер тәрепинен пуқараларға вакцина салдырғаннан кейин нелерге әҳмийет қаратыў кереклиги толық түсиндирилмекте.

 

Бизге мағлыўмат берилиўинше, «AstraZeneca» вакцинасы 21-28 күннен еки мәрте, ал «ZF-UZ-VAC 2001» вакцинасы 30 күннен үш мәрте салынады. Биринши шаншыўды қайсы вакцина менен алған болса, сол адам екинши ҳәм үшинши шаншыўды сол вакцина менен жуўмақлайды.

Шаншыў әмелге асырылған пуқаралар аймақлық шыпакерлердиң күнделикли бақлаўы астында болады.

 

Нөкис қаласындағы улыўма 9 шаңарақлық поликлиникада коронавирусқа қарсы шаншыў илажлары даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.