Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң  30 жыллығы мүнәсибети менен

Өзбекстан нуранийлериниң социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Республикасы «Тасвирий ойина» дөретиўшилик ассоциациясы менен биргеликте

ТАҢЛАЎ ЖӘРИЯЛАЙДЫ

Усы жылы халқымыздың әсирлик әрманы болған ҳәм мәмлекетимиз тәғдиринде түпкиликли бурылыс жасаған уллы ҳәм даңқлы ўақыя – Өзбекстан мәмлекетиниң ғәрезсизилигине  30 жыл толады. Даңқлы сәне мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң  2020-жыл  17-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң өтыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы ПҚ-4926-санлы қарарында оғада әдил түрде атап өтилгениндей, Ғәрезсизлик жылларында көп миллетли Өзбекстан  халқы өзиниң уллы потенциалы, беккем ерк-ықрары ҳәм мәртлигин көрсетти, аўыр сынақ ҳәм машақатларды мәртлик пенен жеңип, үлкен  раўажланыў жолын басып өтти. Ҳәзирги ўақытта бул тарийхый қарарда мәмлекет ғәрезсизлигиниң үлкен сиясий, тарийхый ҳәм руўхый-ағартыўшылық әҳмийетин есапқа алып, раўажланыў жолының тийкарғы мақсетлери менен  ўазыйпаларын жаңа басқышта булжытпай, нәтийжели даўам еттириў, бул қутлы сәнени мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бүгинги  раўажланыў дәрежеси, халықаралық  майдандағы абырай-мәртебесине мүнәсип жоқары дәрежеде, улыўма халықлық  байрамы сыпатында кеңнен белгилеў усыныс етиледи.

Бизге белгили, даңқлы мәмлекетимизде ҳәр қандай қутлы күн ҳәм ҳәр қандай  байрам нуранийларсыз өтпейди! Ҳәр бир тойдың төринде нуранийларымыз берекет берип турады! Негизинде нуранийларымыз – мәмлекеттиң көп миллионлы ғайраткерлери де тойға қуры қол менен келмегенлиги саррас хақыйқат! Бүгин халқымыз ерискен барлық жеңислеримиздиң тийкарында, әлбетте, нураний ата-аналарымыздың салмақлы  үлеси бар. Ғәрезсизликтиң даңқлы байрағын көтериўден баслап, Ғәрезсизлик идеяларын үгит-нәсиятлаў ҳәм миллий кәдириятларды турмысқа енгизиў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, көп миллетли мәмлекетте миллетлераралық дослық, туўысқанлық, кеңпейиллик дәстүрлерин енгизиўде, сондай-ақ, отыз жыллық дәўирде  мәмлекеттиң экономикасын беккемлеўге қаратылған  тарийхый  реформалар ҳәм, әсиресе, Уллы өзгерислер дәўири – 2017-2021-жылларда Жаңа Өзбекстанның дөретиўшилик қәдемлеринде мәмлекеттиң нуранийлериниң орны теңсиз болып табылады!

Өзбекстан нуранийлериниң социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры Басқармасы, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық  орайы, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Республикасы «Тасвирий ойина» дөретиўшилик ассоциациясы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды «Офарин, нуроний!» атамасындағы әдебий-көркем өнер, қысқа метражлы кино ҳәм телеэкран көркем өнери және журналистикалық шығармалардың ашық таңлаўын

ЖӘРИЯЛАЙДЫ

«ОФАРИН, НУРОНИЙ!» таңлаўының

РЕЖЕСИ

1. Таңлаўдың мақсет-ўазыйпалары

Мың жыллар ишинде халқымыздың уллы қәдириятларын өзинде сақлаған кексе әўлад – нуранийларымыздың мәртлик ҳәм ерликке толы ибратлы турмыс жолын және де улығлаў негизинде Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери болған  жас әўладты Ўатанға меҳр ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў – республикалық «Нураний» қоры нуранийларының ең тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларынан бири болып, бул таңлаў нураний ата ҳәм нураний аналарымыздың ибрат мектебин жаратыў ҳәм ҳәзирги ўақытта адамзаттың бийбаҳа ғәзийнеси болған кексе әўладты қәдирлеў менен бир қатарда оларға жәмийетте ҳүрмет ҳәм иззет көпликпесин қәлиплестириўдей уллы ўазыйпаны дөретиўшилик дөретиўшилик пенен жырлаўды өз алдына мақсет етип қояды.

Сонлықтан Өзбекстан нуранийларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры Басқармасының басламасы менен Өзбекстан кәсиплик  аўқамлары Федерациясы Кеңеси, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Жаслар  ислери агентлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан  Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Республикасы «Тасвирий ойина» дөретиўшилик ассоциациясы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды «ОФАРИН, НУРОНИЙ!» дөретиўшилик таңлаўын өткериўге қарар етти.

Таңлаўға елимиздиң иззет-ҳүрметине ийе болған кейўаныларымыз –нуранийлардың ибрат мектебин және де толықтыратуғын ҳәм бурыннан қәлиплескен миллий қәдириятларымызды  улығлаўға хызмет ететуғын әдебий-көркем өнер ҳәм журналистика жанрларындағы және ғалаба теле-видео дүркининдеги ғалабалық шығармалар қабыл етиледи.

Таңлаў журналистиканың ең тийкарғы  бағдарлары – баспа ҳәм электрон  ҒХҚда басып шығарылған, интернет-журналистика ҳәм радио, телевидение, қысқа метражлы кино өнимлери (сүўретлеме, очерк, этюд, клип ҳ.т.б) бағдарларында  көрсетилген шығармалар қабыл етиледи. Таңлаўда барлық түрдеги ғалаба-мәлимлеме қураллары, дөретиўшилик аўқамлар, мәмлекетлик емес журналистлик структуралар, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик киностудиялар, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң баспасөз хызметлери топарлары ҳәм сондай-ақ, еркин дөретиўши (блогер)лер және сырт ел журналистлери темаға байланыслы шығармалары менен қатнасыўы мүмкин.

  1.  ТАҢЛАЎ ШӘРТЛЕРИ ҲӘМ ЖЕҢИМПАЗЛАРДЫ СЫЙЛЫҚЛАЎ

Таңлаўға жыл даўамында (өткен  2020-жылдың 1-январынан быйылғы жылдың 1-августына  шекем) газета ҳәм журналларда, интернет-сайтларда басып шығарылған, радио ҳәм телевидениеде эфирге берилген ҳәм кино экранларында көрсетилген дөретиўшилик аўқамлар ҳәм дөретиўшилик топарлар, ғалаба хабар қураллары және усы тараўдың белгили ғайраткерлери тәрепинен усыныс етилиўи мүмкин.

Нуранийлардың образын жарқын ҳәм айқын көрсете алған, оқыўшылар, тамашагөйлер, тыңлаўшылар тәрепинен кең ҳәм терең тән алынған арнаўлы дөретиўшилик шығарма ушын

БАС СЫЙЛЫҚ –

Гран-при-суперсыйлық- баҳалы арнаўлы сыйлық

  1.  Нуранийлардың образын айқын көрсете алған әдебий-көркем өнер (проза, поэзия жанрлары) шығармалары ушын:

Iсыйлық – фотоаппарат

– II – сыйлық – ноутбук

– III – сыйлық – диктофон

– Хошаметлеўши 5 сыйлық

  1.  Нуранийлардың турмысын айқын көрсеткен журналистлик шығармалары ушын:

Iсыйлық – фотоаппарат

– II – сыйлық – ноутбук

– III – сыйлық – диктофон

– Хошаметлеўши 5 сыйлық

  1.  Нуранийлардың турмысын шеберлик пенен көрсете алған телевидение, радио ҳәм киноэкран өнимлери (қысқа метражлы киносюжет, телеэтюд, клип, теле-радиосүўретлеме, теле-радиоочерк ҳам т.б бағдарлардағы дүркин материаллар) ушын:

Iсыйлық – фотоаппарат

– II – сыйлық – ноутбук

– III – сыйлық – диктофон

– Хошаметлеўши 3 сыйлық

  1.  Нуранийлардың турмыс тәризин айдын ҳәм турмыслық көрсете алған рең-бояў, мүсиншилик шығармалары ушын:

Iсыйлық – фотоаппарат

– II – сыйлық – ноутбук

– III – сыйлық – диктофон

– Хошаметлеўши 3 сыйлық

  1. Нуранийлардың сүўретин шебер көрсете алған фотоөнер шығармалары ушын:

Iсыйлық – фотоаппарат

– II – сыйлық – ноутбук

– III – сыйлық – диктофон

– Хошаметлеўши 3 сыйлық

 Авторлар мына мағлыўматларды усыныс етеди:

  • мийнет жолы ҳаққында қысқа мағлыўмат (объективка);
  • үй мәнзили ҳәм байланыс телефоны;
  • паспорт копиясы;
  • (6×9) көлемнен кем болмаған 2 фотосүўрет.

II.ТАҢЛАЎ КОМИССИЯСЫНЫҢ ЖУМЫС ТӘРТИБИ

Таңлаўға усыныс етилген шығармалар Республикадағы жетекши  тәжирийбели дөретиўшилер, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, халықаралық ҳәм миллий экспертлерден ибарат таңлаў комиссиясы тәрепинен көрип шығылады, биргеликте ҳәм коллегиал талланады.

Таңлаўға усыныс етилген материаллар, биринши гезекте, социаллық-көркемлилик дәрежеси, профессионал шеберлик, темаға дөретиўшилик қатнас жасаўы ҳәм терең тәсиршеңлиги, факт ҳәм дәлийллерге байлығы, таллаўдың өзине сай новаторлық усылы сыяқлы нормалар тийкарында баҳаланады.

Таңлаў Режеси ҳәм таңлаў шәртлери және  таңлаў нәтийжелери республикалық «Нуроний», «Ишонч-Доверие», «Ўзбекистон адабиёти ва санъати» ҳәм «Ҳуррият» газеталарында, ӨзА сайтында және басқа да ғалаба хабар қуралларында жәрияланады. Таңлаўда жеңимпаз деп табылған сайланды шығармалар айрықша топланып, китап түринде басып шығарылады.

Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң  30 жыллық байрамы алдында салтанатлы белгиленеди.

ТАҢЛАЎҒА МӘРҲӘМАТ!