УСТАЗДАН  УҚҚАНЛАРЫМ

Инсанның өмирде қалдырған изи жасаған жасы ямаса көптиң бири болып жүрип өткен жолына қарап баҳаланбайды. Салған изинен ким екениң, нелерди қайыллатқаның, жасаған жәмийетиңе пайдаң билинип турса ғана ол дәўирлер аса өшпейди. Бундай издиң ийелери ҳәр бир тараўда бар, соның ишинде, журналистикада да. Устазларымыздың өмириндеги елеўли нәрселер туўралы еситсек, жан қулағымыз бенен тыңлаймыз. Жазғанлары көзимизге түсип қалса, оқып болғанымызша қолымыздағыны ысырып қоямыз. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, тараўымыздың ветераны Есенбай Ерманов быйыл 80 жас асқарының төбесинен көринди. Торқалы тойы қарсаңында себеп пенен устаз туўралы кеўлимизге түйген қалыс пикирлеримизди билдирип, оны қуўандырыў шәкирт ушын үлкен нәрсе деп билдик.

Есенбай аға Ерманов пенен жигирма жылға жуўық бир редакцияда қәлем тербеттик. қалалық газетада онлаған жыл ислеп, тәжирийбе топлағаным менен сол жыллары қарақалпақ журналистикасының ең көзге көринген ўәкиллери – Е.Ерманов, А.Халмуратов, А.Ҳәбипов, Т.Худайбергенов, Ө.Өтеўлиев, О.Сәтбаев сыяқлы талантлы журналистлер жәмленген «Еркин қарақалпақстан» газетасына жумысқа келгенимде, олар мениң жазғанларымды пәтиўаға аларма екен, деген ҳүрей басым еди.

Сонда биринши жумыс күним Есенбай аға Ермановтың тапсырмасы менен басланды. Жүдә салдаманлы, сусы басым, тикке ҳәм сынап қарайтуғын оны сырттан танығаным менен сөйлесип көрмеген екенмен.

–  Газетада мына мәселелер оншелли көринбей атыр ,- деди ол бөлимимизге келип. – Усы бағдарларда жазсаң, иркилмей шығады.

Қарасам, алты бәнттен ибарат, түрли темалар екен. Ҳақыйқатында да, жазғанларым тез күнлерде жәрияланып кетти. Кейин байқасам, аўыл хожалығы бөлимин басқарғаны менен қайсы бөлим қандай мәселелерде ақсап атырғаны оның нәзеринен шетте қалмайды екен. Жанымдағылар жумысқа жаңадан араласқан журналистлерге бағдар бериў, мақалаларына пикирлерин айтып турыў Есенбай ағаның бурыннан бар әдети дести.

Е.Ермановтың изиндегилерге өрнек болған ислери оғада көп болды. Биринши гезекте оның мийнеткешлигин, исине жуўапкершилигин көрип, өзлеримиздиң олқылықларымызды дүзетиўге ҳәрекет еткенбиз. Ҳәптеде еки-үш мәрте жоллама менен районларға кетип, азанда жумысқа таяр мақала менен келер еди. Оның шалалығын көрмегенбиз, ҳәр қашан анық фактлер, дәл цифрлар менен жазды. Редакцияға басым батып кеткеннен кейин «летучкада»: «Есенбай аға, кишигирим мақалаларыңызда да цифрларды қаластыра бересиз, газета оқыўшыларының бәри дийқан емес, адамлардың ядында қалмайды ғой» деп билгишсинип айтып салып, кейин пәнт жегеним бар. Ол қандай мақала жазса да аржағында сол сөз етилген кәрде ислейтуғынларға үлги болсын, жумысларын салыстырсын, тәжирийбесин арттырсын деген пикир жатар екен.

Устазымыз қандай бөлимди басқарса да, жазбаған тараўы қалмаған. ҳүрметли демалысқа кетпесинен алдын жигирма жылға жуўық ўақыт аграр-экономика бөлимине басшылық еткен болса, газета тигиндилеринен аўыл хожалығы, шарўашылық, пиллешиликтиң усы дәўир аралығындағы тарийхын оқый аласаң. Себеби, ол бөлим хабаршыларын ҳәр жылы қашан егис басланыўы, тәрбиясы қалай болып, не жаңалықлар енгизилгени, жыйын-терим мапазы қалай өтип атырғаны, суўдың муғдары, болжаўлар қалай иске асқанлығы, улыўма алғанда аўыл хожалығының «пульсин» берип барыўға бағдарлады ҳәм қунлы материаллар жәрияланып барылды.

Есенбай Ерманов журналистика тараўына 28 жасында кирип келген болса, 75 жасына шекем мийнет етти. «қартайса да қарақең шаншар» дегендей, жас журналистлерден де жеделлирек жумыс алып барды. Тийкарғы жумысларына қоса, прозада да бир қанша табысларға еристи.

Ол ҳәзир де тынып-тыншымайды. Редакцияларға барады, жаңа дөретпелерин усынады. Ал, оның өмир дәптерине келсек, өз алдына бир китап.

               ТУРМЫС  ӨЗ  ДЕГЕНИНЕ  КӨНДИРГЕН  ЖЫЛЛАР…

Есенбай Ерманов Кегейлиде туўылып, Шоманайда камалға келген. Әкеси урысқа атланғаннан соңғы турмыс қысқылары оларды анасы Мырзагүлдиң төркининен бир-ақ шығарған.

– Анама қол-көмек боламан деп жаслайымнан пахта атызында ақсай да айдадым, сүримде трактор да басқардым. Жалғыз улының колхозда қаратабан жумысшы болып қалыўын қәлемеген анам мени Ташкентке медициналық билим журтына оқыўға жиберди,-дейди ол.

Жаслығында оның бир жигит киби өнерлери  болған. Спорттың бокс түрине қатнасып, жарысларда чемпион болған, қосықлар атқарған. «Сол өнерлериңиздиң қайсыларын услап қала алдыңыз?» деген сораўыма:

– ҳеш бирин, – деди ол суўық демин алып. – Кейин ала турмыс машқалалары, жумыстың баса-басы бизди жеңди. Билим журтын питкерип келгенимнен кейин Шоманайда фельдшер-акушерлик пунктинде, сон районлық емлеўханада фельдшер болып иследим. Нөкиске көшип келип, республикалық врачлық-физкультура диспансерине жумысқа қабылландым. Анам менен көп жыллар кирейде жасадық. Ҳәтте зайыбым Турғангүлди де кисиниң  босағасына ийилдирип, келиншек етип алып келгенмен.

              ФЕЛЬДШЕР  ҚАЛАЙ  ЖУРНАЛИСТКЕ  АЙЛАНДЫ?

Журналистикада аржағында болмаған адамды қанша ийтермелеп, сүйресең де қәлем ийеси бола алмайды. Әдебиятқа, қәлемге бейимлик Есенбай Ермановтың жаслығынан болған. Дайысы Бегмураттың тақўалығы, оның үйиндеги дәстанларды түнди таңға уластырып оқығанлары, мектептеги әдебият пәни муғаллими Сәрсенбай Абдуллаевтың барлық шәкиртлерин жазыўшы етип шығаратуғындай умтылыслары болажақ журналистте ықлас оята баслаған. Врачлық-физкультура диспансеринде түрли спорт шеберлери менен ислес болыўы, олардың жарыслары менен жетискенликлерин бақлап барыўы, Есенбайдың кеўлине жазыўды салды. Киши-киши спорт хабарлары газеталарда үзликсиз жәрияланыўы оны кем-кемнен журналистлерге, журналистикаға жақынластыра берди. Сонда ол келешекте журналист болатуғынынан, қалаберсе, қарақалпақстанда спорт журналистикасына баслама салып атырғанынан хабарсыз еди. Көпшилик газета оқыўшыларының нәзерине түскен оны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықлаўы өмириндеги түпкиликли өзгериске себепши болған. Енди Е.Ермановты редакциялар жумысқа шақырып, фельдшерлик дипломы менен «Жас Ленинши» газетасының мектеп ҳәм студент жаслар бөлимине басшылық етиў исенип тапсырылған. Бул 1969-жыл еди. Әлбетте, бундай исеним жас журналистти және де қулшындырды.

– Спорт хабарларынан ары өтпеген адамға республикалық газетаның бөлим баслығы боласаң дегенде жүдә екиленгенмен, – деп сөзин даўам етти Есенбай аға. – Бирақ, сол жыллары-ақ аты шығып киятырған журналистлер Ш.Уснатдинов ҳәм Қ.Мәдиреймовлардың үгитлеўи менен ислеп атырған жумысымды таслап редакцияға келдим. Лекин, аңсат болмады. Тынымсыз оқыдым, излендим, умтылып қатарға қосылдым. Сонда ҳәр мақалам шыққан күн мен ушын байрам еди. Ҳәзир де сондайман. Менде жуўапкершилик сонша дәрежеде қәлиплесип кеткен, жазғанларым газетада жәрияланыў барысында да қайта-қайта оқыйман. Азанда газетаны қолыма алғанша асығаман.

…1966-1971-жыллары қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетиниң сыртқы бөлимин тамамлағаннан соң Е.Ерманов республикамыздың бас газетасы «Еркин Қарақалпақстан»ға жумысқа шақырылды. Бул редакциядағы талап ҳәм тәртип оны және шыйрақластырды. Сол жыллары «Еркин…»ниң бас редакторлары Ә.Муртазаев ҳәм Т.Аллаяровлардың талапшаңлығы, қаталлығы сиясий газетаның беккем қәлибине салды. Фактлер анық, мақала қысқа, тужырымлы пикир болыўы керек деген талап Есенбай ағаның пүткил журналистлик жолы даўамында сөзден жүдә абайлап пайдаланыўға, сөз қәдирин билмеген, өз қәдирин билмейди деген қағыйдаға әмел етиўине тийкар болды. Көркемлеп, бояўын жеткерип, астарлап жазыўға умтылмады. Мақалаларында жәмийетлик мәп ҳәм оны қорғаў бас мақсети болды. Жақсы тәжирийбеден бир адам сабақ алса да пайда деген көзқарас пенен жазды.

Е.Ерманов «Еркин…»де 16 жыл даўамында санаат-транспорт бөлимин басқарды. Бөлимде санаат-транспорттан басқа қурылыс, байланыс, турмыс хызмети, саўда тараўлары бойынша да тең дәрежеде материаллар таярланды. Демек, сонша тараўлардың уңқыл-шуңқылын үйренди, шеберлиги  жетилисти. Ал, сол жыллары ҳәптеге бес мәрте жарық көретуғын газетаның жүреги есапланған «секретариат»қа басшылық етиў тапсырылғанда, қәлеми бираз иркилди. Москвадан түни менен «УзТАГ» арқалы келетуғын съезд материаллары, баянатлар, қарарлар жуўаплы хаткерди редакцияға 24 саатлап байлаған ўақытлары көп болды. Сол дәўирде «Правда» газетасында шығатуғын рәсмий материаллар «Еркин Қарақалпақстан»да  да тең жәрияланыўы керек, деген тәртип бар еди.

Уллы шайырымыз Ибрайым Юсуповтың газетаға арнап:

Сап-саў нерваларды сымдай тоздырып,

Дым қызбаған Есенбайды қыздырып,

Бир дүзген макетин жети буздырып,

Шынықулды шарға қылған газитсең,

деген қосығы усы жылларда жазылған (Шынықул аға жуўаплы хаткердиң орынбасары болып ислеген).

Соңынан 18 жыл газетаның аграр-экономика бөлимин басқарған Е.Ермановтың республикада табаны тиймеген районы, ислес болмаған хожалығы қалмаған. Усы редакцияда мийнет еткен 47 жыл әпиўайы журналистти үлкен тәжирийбе мектебине ийе абырайлы устаз журналист дәрежесине жетистирди. Газета тигиндилериниң дерлик ҳәр санында Е.Ерманов деген автор турыўының төркининде қандай мийнетлер жатырғанын аңлаў қыйын емес. Оның очерклери, публицистикалары, фельетонлары, сын мақалалары устазымыздың  дәўир нәпеси менен жасағанынан дерек береди. Университеттиң журналистика қәнигелиги студентлериниң илимий жумысларында пайдаланып киятырғаны да бул дөретпелердиң әҳмийетин көрсетеди.

– Биразлар журналистлик кәсипти аңсат көреди, айырымлар диплом ушын оқыйды,- дейди ол жас кәсиплеслери туўралы пикирлерин бөлиспекши болғанымда. – Редакцияларда орынды бәнтлеп, жеңил-желпи мақалалар жазып айлық алып жүре беретуғынлар да жоқ емес. Мениң бәрқулла айтып киятырғаным, бул тараўды меңгере алмасаң, тезирек өкшеңди көтериўиң керек. Себеби, не жазсаң, халық тәрези. Бул кеңесимди алып, жақсы-жақсы табысларға ерисип жүрген, өмирден мүнәсип орынларын таўып кеткен жаслар да баршылық.

                       «ЖАЗЫЎШЫ  РУХЫНДАҒЫ  ЖУРНАЛИСТ»

әдебиятшы-сыншы  Ж.Есенов жаслар газетасында Е.Ермановтың прозалық шығармалары бойынша сын мақаласын усы ат пенен баслапты. Ал, филология илимлериниң докторы Зияда Бекбергенова «Дәўир нәпеси менен…», Е.Ермановтың дөретпелерине шртихлар»ында оның прозалық шығармалары талланып, унамлы баҳа берилген. Ҳақыйқатында да, журналист-жазыўшының  Өзбекстан халық жыраўы Жумабай Базаров туўралы ҳүжжетли қыссасы,«Парыз», «Ақыл көзи менен қара», «Муқаддес туйғы», «Дәўлет қусы», «Уллылыққа умтыл, иним», «Жийен қыздың бахты» сыяқлы бир қатар повестьлери менен гүрриңлер топламлары баспадан шықты, «Әмиўдәрья» журналында жәрияланды.

                            ШАҢАРАҒЫ – БЕККЕМ  ҚОРҒАНЫ

«Өмир қәддин тик тутып кете алыўын дәлиллетиў ушын күшли инсанларды да диз шөктиреди. Ал, әззилерге болса, тиймейди. Себеби, олар пүткил өмир диз шөгип өтеди» дегенди оқығаным бар. Өмир Есенбай Ермановты да талай мәрте сынақтан өткерди, қанша жоғалтыўларды бастан кеширди. Бирақ, ол қәддин тик тутыўы менен қәлемине күш салды.

Мен Есенбай аға менен оның зайыбы Турғангүл апаны қос қумырыға мегзетемен. Тоғыз ул-қызды камалға келтирген бул ерли-зайыптың басқаларға үлги боларлық тәреплери баршылық. Өмиринше баспасөз тараўында мийнет еткен Турғангүл апамыз пидайы өмирлик қостар, шаңарақ уйытқысы.

80 жасындағы устазымыздың  еле қәлеми шыйрақ. Шәкиртлеринен ақыл-кеңеслерин аямайды. Әке кәсибин таңлаған улы Өмирбек пенен ҳәр сапары журналистиканың кешеси ҳәм бүгини, кәсиплик шеберлик, журналистлик этика бойынша әңгимеси басланса, узаққа созылады.

…Есенбай ағаны бүгин де өмиринше бир үйи болып қалған «Еркин…»ниң жолында ушыраттым. Қолында турмыс сабақларынан тоқылған гүрриңлери. Кеўилимнен бизлерге де усындай қәлемге садық болыў бахыты  несип етсин, деген тилеклер өтти.

80 жасыңыз қутлы-мүбәрек болсын, устаз! Барыңызға шүкир.

 

Пердегүл ХОЖАМУРАТОВА,

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги