Бүгин, 24-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Абай атындағы Қазақ Миллий педагогикалық университети маркетинг бөлими баслығы Әсел Қаламбаева ҳәм сырт елли пуқаралар ушын филология қәнигелиги кафедрасы доценти Тоғжан Айтказина менен ушырасыў болып өтти.

 

Мийманларды институттың оқыў ислери бойынша проректоры Мырзамурат Жумамуратов ҳәм илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор Полатбек Калхановлар қабыллады.

Ушырасыўда дәслеп институт ўәкиллери Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында алып барылып атырған илимий-педагогикалық жумыслар, халықаралық бирге ислесиў бағдарындағы жаңалықлар ҳаққында мағлыўматлар берди.

 

Соңынан мийманлар сапардан гөзленген баслы мақсетлердиң бири Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары, соның ишинде, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты менен академиялық алмасыў бойынша бирге ислесиў ҳәм елимиздеги нызамшылыққа муўапық, Қарақалпақстанда Абай атындағы Қазақ Миллий педагогикалық университетиниң филиалын ашыў бойынша алып барылатуғын әмелий жумыслар ҳаққында айтып өтти.

 

Абай атындағы Қазақ Миллий педагогикалық университети ҳәзирги ўақытта дүнья жүзиндеги рейтинги жоқары болған оқыў орынларының «ТОП-500»лик рейтингине кирген болып, Қазақстандағы педагогикалық бағдардағы жоқары оқыў орынлары арасында рейтинги бойынша 1-орынды ийелейди.

 

Ушырасыўда алдағы ўақытларда бирге ислесиў арқалы еки дипломлы системаны енгизиў мәселеси бойынша кең түрде пикирлер алмасылды.

Илажда Абай атындағы Қазақ Миллий педагогикалық университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты арасында өз ара бирге ислесиў бойынша шәртнамалар алмасылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотолары.