Шымбай районында «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларға зәрүр ҳуқықый жәрдемлер берилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Адилов, районлық Пуқаралық суды, Экономикалық  ислери бойынша судының судьялары, 4 сектор басшылары, район ҳәкимиятының ўәкиллери, сондай-ақ басқа да тийисли шөлкемлердиң, барлық мәкеме, кәрханалардың баслықлары қатнасты.

Райондағы пуқаралар жыйынлары аймақларындағы «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлар менен сәўбетлесиў өткерилип, оларға зәрүр ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың мүрәжатлери тыңланып, олар тәрепинен билдирилген машқалалар тийисли тараў қәнигелери тәрепинен үйренилди. Айырым мәселелер сол жерде шешилиўине  ерисилди.

Шешилиўи тийис басқа да мәселелер бойынша ўазыйпалар белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги