Усы жылдың 17-декабрь күни ӨзР Әдиллик министрлиги тәрепинен «Ҳуқықый үгит-нәсиятты әмелге асырыўда инновациялық технологияларды қолланыў» таңлаўы жәрияланған еди.

 

Таңлаўға қатнасыў ушын 355 талабанның ҳүжжетлери ҳәм тийисли материаллар Телеграм бот арқалы қабыл етилди.

 

Усыныс етилген материаллар Әдиллик министрлиги және Инновациялық раўажланыў министрлиги қәнигелеринен ибарат қурамдағы комиссия тәрепинен үйренип шығылып, 1-орынға Қарақалпақстан Республикасынан «Mehrtilsimi.uz» веб-сайтының тийкарын салыўшы ҳәм жүргизиўшиси Саламат Авезов мүнәсип деп табылды.

 

Жеңимпаз планшет пенен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.