Бақсышылық тараўы – миллий музыкамыздың ажыралмас бөлеги болып табылады. Онда халқымыздың өтмиши, тарийхы, қуўанышы менен шадлығы, қайғысы жәмленген.
Усы жыл 16-декабрь күни Нөкис қаласындағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде II халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалы алдынан «Бақсылар лапызы» атамасындағы жас бақсылардың республикалық таңлаўы басланды.
Таңлаў Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм «ATIYAJ-GULZAR» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, оған республикамыздағы 18 жастан 35 жас аралығындағы бақсылар қатнаспақта.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары Ж.Абдижамилов ҳәм Өзбекстан халық бақсысы Ғ.Өтемуратовлар шығып сөйлеп, таңлаў қатнасыўшыларына табыслар тиледи.
Таңлаў қатнасыўшылары «Муўса сен яры», «Саналы гелди», «Налыш», «Ешбай», «Адыңнан» халық намалары ҳәм өзлери таярлаған дәстанлардан атқармақта.
Төрешилер қурамы тәрепинен қатнасыўшылардың атқарыў шеберлиги, тыңлаўшыларға жеткерип бериў дәрежеси менен сахналық мәденияты сынақтан өткериледи.
Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар менен бир қатарда «Ең жақсы дәстан атқарыўшысы», «Ең жақсы ырғақ ийеси», «Ең жақсы шебер қосық атқарыўшы», «Ең жақсы ер бақсы ҳаўазы ушын», «Ең жақсы ер қыз ҳаўазы ушын» номинациялары бойынша жеңиске ерискенлер де анықланады.
Таңлаў барысы туўралы мағлыўмат берилип барылады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы