Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм  жас өспиримлер спорт мектебинде шөлкемлестирилген дзюдо, көркем гимнастика,  жеңил ҳәм аўыр атлетика, таэквандо WTF, еркин гүрес, каратэ-до, мини футбол, волейбол, өзбек жаўынгерлик өнери сыяқлы 18 дөгеректе 1 мың 450 ул-қызлар спорт пенен турақлы шуғылланып келмекте.

Быйылғы жылы усы спорт мектебиниң 25 қәбилетли тәрбияланыўшысы Өзбекстан сайланды командасына қабыл етилди. Сондай-ақ, спорт мектептиң жаслары  халықаралық турнир, чемпионат жарысларында  4 алтын, 8 гүмис ҳәм 3 қола медальды қолға киргизди.

Қарақалпақстан Республикасы бириншилиги жарысларында болса 244 тәрбияланыўшы сыйлы орын ийеси болды. Жарысларда қолға киргизген медальлардың   47 си мектептиң дзюдо дөгереги тәрбияланыўшылары есабына туўра келеди. Бүгинги күнде дзюдо дөгерегинде 110 жас спортшы Барлықбай Жиемуратов, Низаматдин Хожабаев, Анаргул Утеева, Амангул Алланазарова, Камил Алланазаров, Перида Жумабаева сыяқлы тәжирийбели тренерлердиң басшылығында шеберлигин арттырмақта.

-Дзюдо менен шуғылланып атырғаныма көп ўақыт болған жоқ, – дейди Оксана Турғанбаева. Соған қарамастан тренерлеримниң нәтийжели шынығыўлары себепли  Қарақалпақстан Республикасында өткерилген  бир  қанша жарысларда жеңимпаз болдым. Келешекте Азия ҳәм Жәҳән чемпионаты жарысларында  және Олимпиада  ойынларына қатнасып, елимиз абырайын  көтериўди мақсет еткенмен.

photo_2020-10-20_11-38-14.jpg

photo_2020-10-20_11-38-16.jpg

photo_2020-10-20_11-38-17.jpg

photo_2020-10-20_11-38-18.jpg

 

Мақсет ХАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет),

 Қарақалпақстан хабар агентлиги