Италиялы илимпазлар коронавирусқа шалыныў жағдайын үш минутта анықлаўшы экпресс-тест жаратты.
“ASNA” агентлигиниң мағлыўматларына бола, жаңа тест қолланбасы Лобардия ўәлаятының Мерата қаласындағы компания ҳәм Саннио университетиниң бирге ислесиў нәтийжеси сыпатында усыныс етилген.
Тест қарыйдардың силекейинен алынған үлги тийкарында өткериледи ҳәм бул процессти тезлестириўши факторлар жеделлигине имканият береди.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Италиядағы Ладзаро Спаллансани атындағы жуқпалы кеселликлер Миллий институты лабораториясында да силекей арқалы коронавирусты анықлаў бойынша экспресс-тест сынақлары өткерилмекте.
ӨзА