Өзбекстанда медицина системасын жетилистириў, оны алдыңғы стандартлар тийкарында шөлкемлестириў, тараўға сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Елимиздиң Делидеги елшиханасы тәрепинен Ҳиндстанның «Pratiksha Hospitals Group» компаниясының басқарыўшы директоры Нишант Бажаж пенен өткерилген ушырасыў да усы бағдардағы жумыслардан бири болды.

Ҳиндстанлы «Pratiksha Hospitals» клиникасы менен Самарқанд қаласында кардиологияға қәнигелескен заманагөй медицина орайын қурыў жойбарының әмелге асырылып атырғаны ҳаққында тоқтап өтилди.

«Дерлик 6 айдан берли пүткил дүньяда даўам етип атырған пандемия себепли жүзеге келген қыйыншылықларға қарамай өзбекстанлы бирге ислесиўшилер менен қоспа жойбарымызды жедел даўам еттирип атырмыз. Режеге бола биринши басқышта 80 орынлы емлеўхана өз жумысын баслайды. Жойбарды 2020-жылдың соңына шекем толық жуўмақлаўды режелестиргенбиз»,-деди Н.Бажак.

«Pratiksha Hospitals Group» тәрепинен Самарқанд қаласында жақын келешекте және бир қоспа жойбар-заманагөй көп тармақлы емлеўхана қурыўға таярлық көрилмекте. Буннан тысқары, ҳинд компаниясы Термиз қаласында заманагөй диагностика орайы ҳәм клиника шөлкемлестириў бойынша жергиликли бирге ислесиўшилер менен жумысларды даўам еттирмекте.

 

ӨзА