«Жер сүрсең гүз сүр, гүз сүрмесең жүз сүр» деп халқымыз бийкарға айтпаған. Себеби, аўылхожалығында гүзги сүримниң орны ҳәм атқаратуғын айрықша. Сонлықтан республикамыз дийқан фермерлери ҳәр жылы жерлерди гүзги шүдигарлаў  жумысларына үлкен итибар қаратып, оны агротехникалық қәделерге сай алып барады.

Кегейли районындағы Қумшүңгил елатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Шухрат Тешаев қатнасыўында  гүзги шүдигарлаў жумысларын шөлкемлестириў бойынша семинар болып өтти. Семинарға Аўыл хожалығы министри Д.Қайпов, район ҳәкими А.Камалов, аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери ҳәм фермерлар қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Шухрат Тешаев ҳәм басқалар гүзги шүдигарлаўды талапқа сай өткериўдиң аўыл хожалығы өнимлеринен жоқары өним алыўдағы әҳмийети ҳаққында айтып, бул бойынша өзиниң тийисли усынысларын берди.

Семинарда механизаторларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, оларға азық-аўқат өнимлери тапсырылды.


Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, быйылғы мәўсимде Кегейли  районы бойынша жәми  8326 гектар егислик майданды шүдигарлаў режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытлары фермер хожалықлары тәрепинен жумыслар қызғын баслап жиберилди.

Усындай көргизбели семинарлар республикамыздың басқа аймақларында да болып өтти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы