Алдын хабар бергенимиздей, Президентимиздиң тапсырмасы менен Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қаракалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Казбек Артыковтың басшылығында қарақалпақстанлы исбилерменлер делегациясы Қазақстан Республикасында рәсмий сапарда болып қайтты.

Сапар даўамында басқарма баслығы К.Артыков ҳәм “NUKUS DILISHA” ЖШЖ  директоры, исбилермен Б.Юлдашев Қазақстан Республикасының Бейнеў районы ҳәкими Рахымжан Шалбаев пенен ушырасты. Илажда еки елдиң саўда экономикалық қатнасықларын еле де раўажландырыў, экспорт ҳәм импорт мәселелери, исбилерменлик байланысларын буннан былай да беккемлеў ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында өз-ара сөйлесиўлер алып барылды.

― Сондай-ақ, ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарылған ҳәм жетистирилген азық-аўқат өнимлерин Қазақстан Республикасының Бейнеў районына экспорт етиў мәселелери келисилди ҳәм бул бойынша тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди,-дейди басқарма баслығы К.Артыков.

Бул келисим алдағы ўақытлары Қарақалпақстанда ислеп шығарылған өнимлерди Қазақстан шегарасынан алып өтиўде қолайлықлар жаратып, экспорт көрсеткишиниң артыўына өз тәсирин тийгизеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги