БМШтың Климат өзгериўи бойынша конференциясы – СОР29 шеңберинде Сенат Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан парламенти делегациясы Баку қаласындағы СОР29 саммитинде көрсетилген Өзбекстан миллий павильонына барды.
Өзбекстан павильонында дәстүрий турақлы раўажланыў қәдириятлары ҳәм экологиялық машқалаларды шешиўге заманагөй көзқараслардың үйлесимлилиги илаж қатнасыўшыларының итибарын тартты.
Бул жерде Арал регионын тиклеўге қаратылған басламаларға айрықша итибар қаратылып, «жасыл» тоғайлар қурыў ҳәм жергиликли халықтың турмыс дәрежесин арттырыў сыяқлы кең көлемли бағдарламалар берилди. Усы жойбарлар Өзбекстанның экологиялық ҳәм социаллық өзгерислерге садықлығын көрсетеди.
Атап өтиў керек, СОР29 сыяқлы халықаралық платформалар глобал экологиялық машқалаларды шешиў ушын дүнья жәмийетшилигиниң ис-ҳәрекетлерин бирлестириўде әҳмийетли орын тутады.
Өз гезегинде, мәмлекетимиз де турақлы раўажланыў ҳәм экологиялық басламаларға, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўшилер менен жедел бирге ислесиўди даўам етиўге таяр. Бул мәмлекетимиздиң экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм пүткил инсанияттың турақлы келешегин жаратыўға салмақлы үлес қосыў тилегин және бир мәрте көрсетеди.
Н.Абдураимова, ӨзА