Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағының 33 жыллығы мүнәсибети менен «Муқаддесдур Ўатан байрағы» сүрени астында руўхый-мәдений илаж өткерилди.
Бул илажларды өткериўден тийкарғы мақсет, жасларда ўатансүйиўшилик сезимин беккемлеў, миллий қәдириятларымызға болған ҳүрметти арттырыў ҳәм оларды өз Ўатанына садық болыў туйғысын қәлиплестириў, соның менен бирге миллий белгилерге болған муҳаббатты арттырыўдан ибарат.
Илажда миллий гвардия, ишки ислер, спорт чемпионлары, мәҳәлле белсендилери, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими хызметкерлери, «Бостан» интер академиясы оқыўшылары миллий байрағымыз әтирапында бирлесип, жүриў марафонында белсенди қатнасты.
Илаждың тийкарғы бөлими район көркем өнер сарайында даўам етти. Көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен ҳәр қыйлы қосықлар атқарылды. Миллий мәдениятымызды сәўлелендириўши дөретиўшилик шығыўлар инам етилди ҳәм жасларымызда ўатансүйиўшилик туйғыларын қәлиплестириўге хызмет етти.
Илажлар Әжинияз атындағы Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқала педагогика факультетинде «Байрағымыз-мақтанышымыз» сүрени астында шығармалар таңлаўы, 61 ҳәм 47-мектеплер менен биргеликте «Өзбекстан – улыўма үйимиз» темасында мәнаўий илаж, 22-улыўма билим бериў мектебинде уллы Қарақалпақ шайыры Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық кешеге жалғасып кетти.
Д.Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги