Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен «Умрбоқий наволар» атамасында ата-бабалардан мийрас болып киятырған саз әсбаплары атқарыўшылары ушын онлайн республикалық таңлаў шөлкемлестирилди.

 

Таңлаўды онлайн шөлкемлестириў даўамында келип түскен 335 тен аслам дөретиўшилик жумыслары таңлаўдың Төрешилер қурамына жиберилди.

 

Төрешилер қурамының жуўмақлаўшы қарарына муўапық, «Ең жақсы қобыз атқарыўшылығы» номинациясы бойынша Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасқан, ҳәзирги ўақытта Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарының студенти, «Ниҳол» ҳәм басқа да бир неше халықаралық сыйлықлардың лауреаты Әдилбек Бахтыбаев жеңимпаз деп табылды.

 

Таңлаў жеңимпазлары арнаўлы статуэтка ҳәм министрликтиң дипломы менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.