Қубла Африка Республикасында коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша жаңа шеклеўлер енгизилди.
«BBC»диң хабар бериўинше, пүткил мәмлекет бойлап алкогольли ишимликлердиң саўдасы қадаған етилди. Буннан тысқары, бүгин, дүйшемби күнинен баслап коммендантлық сааты енгизилип, көшелерде ҳәм жәмийетлик орынларда нықап тағыў мәжбүрий болып есапланады. Президент Сирил Рамаф қол қойған пәрманға бола, айрықша жағдай тәртиби 15-августқа шекем әмелде болады.
Мағлыўмат ушын, бүгинги күнде Қубла Африка Республикасында корнавирусқа шалыныў менен байланыслы 276 мыңнан аслам жағдай дизимге алынған, 4 мыңнан аслам адам усы кеселликтиң қурбаны болған.
ӨзА