Президентимиздиң 2017-жыл 18-апрель күни қабыл етилген «Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Өзбекистан Республикасы Меншиклестириў, монополиядан шығарыў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети болып қайта шөлкемлестирилди.
Пәрманда усы жылдың 1-июнинен баслап ҳәр бир районда меншиклестирилген объектлер тийкарында жойбарларды әмелге асырып атырған исбилерменлер ушын кәсип-өнер колледжлери имаратларында оқыў шынығыўлардан бос ўақытта оқыў курсларын шөлкемлестириў белгиленген.
Бул бойынша елимиздеги барлық қала ҳәм районларда исбилерменлер ушын оқыў курсларын өткериў кестелери тастыйықланды. Бундай оқыў курслары 5-июньда Нөкис қаласынан басланып, бүгинги күнге шекем пайтахтлы ҳәм хожелиши исбилерменлер оқытылды.
19-июньда Шоманай районда басланған оқыў курсының дәслепки күнинде 15 исбилермен қатнасты.
Исбилерменлердиң алдында турған машқалаларды өз ўақтында ҳәм унамлы шешиўди мақсет еткен бул оқыў курслары соңында исбилерменлерге арнаўлы сертификатлар тапсырылыўы мөлшерленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги