Антуан де Сент Экзюпери – ХХ әсирдиң 30-40-жылларында дүнья көркем әдебияты классикасына айналған шығармаларды дөреткен белгили француз жазыўшысы.

 

Жазыўшының «Қубла почта жолы» (1929), «Түнги пәрўаз» (1931), «Инсанлар планетасы» (1939), «Әскерий ушыўшы» (1942),  «Тутқынға хат» (1943), «Кишкене шаҳзада» (1943) атлы повестлери ҳәм романлары инсан тәғдириниң ҳәр түрли тәреплерин ашып береди. Жазыўшының қазасынан соң жәрияланған «Қорған» романы терең философиялық ойларға толы шығарма болып табылады. Буннан тысқары оның хатлары, эсселери ҳәм очерклери китап болып жәрияланған.

 

Антуан де Сент-Экзюперидиң «Кишкене шаҳзада» атлы шығармасы – бул дүнья әдебиятының уллы шығармаларының бири.

 

Жазыўшының усы шығармасы талантлы жазыўшы Гүлнара Ибрагимова тәрепинен рус тилинен қарақалпақ тилине аўдарма исленди ҳәм баспадан шығарылды.

 

Қарақалпақ оқыўшыларының нәзерине усынылып отырған «Кишкене шаҳзада» аллегориялық ертек-повести жасларды инсанлық қәдир-қымбатын жоқары тутып жасаўға тәрбиялайтуғын шығармалардың бири болып табылады.

 

«Кишкене шаҳзада» жанрлық жағынан ертек-повесть, философиялық ертек яки рәўаят сыпатында қаралады. Ертек ҳәм рәўаят – бул аўызеки әдебияттың ески жанрлары болып, инсанды дурыс жасаўға үйретеди, онда жақсылық ҳәм әдилликтиң жеңип шығарына исенимди тәрбиялайды. Бул шығармада да ертеклик фабула ҳәм тоқыманың тийкарында реал турмыс шынлығы, инсанлар арасында өзара мүнәсибетлер берилген.

 

«Кишкене шаҳзада» ҳақыйқатында да ертеклик белгилерге ийе: қаҳарманның фантастикалық саяхаты, ертеклик персонажлар – Түлки, Жылан, Роза. Соны да айтыў керек, бул ертектиң барлық қаҳарманларының прототиплери бар. Кишкене шаҳзада – бул жазыўшының өмирбаянлық образы. Кишкене шаҳзада сүйетуғын Роза – бул оның сулыў, бирақ минези шеп, шарбая ҳаялы латинамерикалы нашар Консуэло. Түлки – Антуанның жақын досларының бири Сильвия Рейнхардт, бул ҳаял Антуанға өмириниң қыйын пайтларында жәрдемлесип турған.

 

Усы ертеклик сюжет арқалы жазыўшы адамлар жәмийетиниң әдеп-икрамлылық проблемаларын шешеди.

 

Фольклорлық қыялый ертеклерде шаҳзада яр ҳәм бахыт излеп жер шарлайды.

 

Жазыўшы фольклорлық үлгини пайдаланып, философиялық ертек дөретти – бунда ол жақсылық ҳәм жаманлық, өмир ҳәм өлим, муҳаббат ҳәм гөззаллық, дослық ҳәм жеккелик, шахс ҳәм аламанның өзара мүнәсибетлери мәселелелерин алып қарайды, улыўма инсан барлығын белгилейтуғын проблемаларды аллегориялық, метафоралық образлар арқалы ашып береди.

Бул – даналық ҳәм инсаныйлық ертеги. Бул ертектиң дөретиўшиси шайыр ҳәм философ.

 

Антуан де Сент-Экзюперидиң «Кишкене шаҳзада» шығармасы дүньядағы ең көп тиллерге аўдарылған ҳәм көп нусқада тараған шығармалардың бири. Ертек дүньяның 300 ден аслам тиллери ҳәм диалектлерине аўдарылған.

 

Мине, енди қарақалпақ оқыўшылары да бул әжайып шығарманы өз ана тилинде оқыў имканиятына ийе болып отыр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.