USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 26 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ҲӘМ МЕЛИОРАЦИЯ ТЕХНИКАЛАРЫН СЫНАЎ ҲӘМ СЕРТИФИКАТЛАЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Республикада ислеп шығарылып атырған аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, өним ислеп шығарыўшаларды заманагөй, сапалы аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, сырт мәмлекетлерден келип атырған айырым аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларының республиканың топырақ-климат шараятларына сәйкес келмейтуғынлығы аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде белгиленген агротехникалық илажларды әмелге асырыў ўақтында бир қатар машқалаларды келтирип шығармақта.

Аймақлардың топырақ-климат шараятынан келип шығып, заманагөй аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеўдиң нәтийжели сынаў ҳәм өлшеў усылларын кеңнен енгизиў, сондай-ақ, аўыл хожалығы техникаларын сынаў ҳәм сертификатлаўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. Төмендегилер аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары ҳәм технологияларын сынаў системасын реформалаўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

ресурс үнемлейтуғын заманагөй аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары ҳәм технологияларын сынаўға байланыслы техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди халықаралық стандартларға муўапықластырыў;

аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары ҳәм олардың агрегатлары ҳәм комплектлеўши бөлеклерин республика аймақларының топырақ-климат шараятларында нәтийжели қолланыў ҳәм олардың исенимлилигин тексериў ушын тийисли сынақларды өткериў;

тараўды раўажландырыўға жәрдем беретуғын усыллар, бағдарламалар ҳәм  перспективалы идеяларды қоллап-қуўатлаў, аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары және олардың агрегатлары ҳәм бөлеклерин ислеп шығаратуғын жергиликли кәрханалардың жумысына нәтийжели илимий қолланбаларды кеңнен енгизиў;

аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларын сынаўды өткеретуғын лабораториялардың материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў, тараўға жоқары тәжирийбели қәнигелерди тартыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-январьдан баслап:

импорт етилетуғын ҳәм жергиликли кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылатуғын  аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларын аймақлардың топырақ-климат шараятларында нәтийжели қолланыў ҳәм олардың исенимлилик (сапа) көрсеткишлерин тексериў мақсетинде барлық түрдеги аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары және олардың агрегатлары ҳәм комплектлеўши бөлеклери мәжбүрий тәртипте сынақтан өткериледи. Онда, аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары және олардың агрегатлары ҳәм комплектлеўши  бөлеклери жергиликли ҳәм сырт ел өндирисшилери ҳәм импорт етиўшилер тәрепинен усыныс етиледи;

импорт етилетуғын және жергиликли кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылатуғын аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары, олардың агрегатлары, комплектлеўши бөлеклери жетилистирилгенде және оларға қосымша функцияларды орынлаў жүкленгенде қайта сынаўға бериледи.

Өзбекстан Республикасы аймағында пайдаланыўға усыныс етилген аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларының бирден-бир мәмлекетлик реестрине (кейинги орынларда – бирден-бир мәмлекетлик реестри) киргизилген аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларынан республикада егинлерди жетистириўде пайдаланыўға рухсат етиледи;

импорт етилетуғын және жергиликли кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылатуғын аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларының агрегатлары ҳәм комплектлеўши бөлеклери ушын муўаплылық сертификатларды рәсмийлестириў системасы жолға қойылады. Онда, лаборатория әсбап-үскенелери ҳәм өлшеў қуралларына ийе болмаған шөлкемлер тәрепинен аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларына сертификат берилиўине жол қойылмайды.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы, «Өзстандарт» агентлигиниң 2023-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын, белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша алып келинетуғын сынаў үскенелери ҳәм өлшеў қуралларын бажыхана бажысынан азат етиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Онда, сынаў үскенелери ҳәм өлшеў қураллары сынаў лабораторияларын аккредитациялаў, соның ишинде, халықаралық аккредитация талаплары тийкарында үскенелеў ушын қолланылады.

  1. Аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары ҳәм технологияларын сынаў ҳәм сертификатлаў системасын жетилистириў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте бир ай мүддетте:

аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары ҳәм технологияларына болған талапларды белгилейтуғын стандартластырыў бойынша әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди хатлаўдан өткерсин;

2020-2021-жылларда аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары және технологиялары ҳәм оларды сынаў усылларына болған талапларды белгилейтуғын зәрүр стандартларды халықаралық талаплар тийкарында қабыл етиў бойынша тармақ кестесин тастыйықласын.

  1. «Өзстандарт» агентлиги еки ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги менен келисилген ҳалда аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары бойынша тармақ стандартларының дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;

аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларын өндирисши ҳәм жеткерип беретуғын шөлкемлер менен биргеликте үш ай мүддетте әмелдеги стандарт және нормаларға муўапық аўыл хожалығы ҳәм мелиорация теххникаларының түри бойынша сынаў бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

лаборатория әсбап-үскенелери ҳәм өлшеў қуралларына ийе болған жеке меншик шөлкемлерди аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларына сертификат бериў ушын аккредитациядан өткериў тәртибин ислеп шықсын;

сырт ел мәмлекетлериниң  сынаў орайлары менен тығыз бирге ислесиў байланысларын орнатып, олардың алдынғы тәжирийбелерин республикада басқышпа-басқыш енгизип барсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығы техникасы ҳәм технологияларын сертификатлаў ҳәм сынаў орайы (кейинги орынларда – Орай) Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте аўыл хожалығы техникаларын халықаралық талаплар тийкарында сынаў ушын заманагөй сынаў үскенелери ҳәм өлшеў қураллары дизимин қәлиплестирсин ҳәм усы жылдың ақырына шекем оларды сатып алыў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:

«Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте 2020-жыл 15-декабрьге шекем аўыл хожалығы техникаларын сынаў ҳәм сертификатлаў бойынша халықаралық тәжирийбеден келип шығып, Орайдың сынаў лабораториялары халықаралық аккредитациядан басқышпа-басқыш өткерилиўин тәмийинлесин;

Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте сатып алынған сынаў қуралларының қурылыс-монтажлаў жумыслары және оқытыўда қатнасатуғын сырт ел қәнигелериниң кириў ҳүжжетлериниң белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўинде әмелий жәрдем көрсетсин;

Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм қурылыс-жойбарлаў шөлкемлери менен биргеликте еки ай мүддетте Орайдың материаллық-техникалық базасын басқышпа-басқыш беккемлеў ҳәм модернизациялаў бойынша жойбар ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте Орайды оңлаў, реконструкциялаў ҳәм үскенелеў жумысларын әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтларының жеңилликли кредит және грант қаржыларын тартыў илажларын көрсин;

Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы менен биргеликте үш ай мүддетте бирден-бир мәмлекетлик реестрге киргизилмеген аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникалары, олардың агрегатлары ҳәм комплектлеўши бөлеклерин жеткерип бериў және олардан пайдаланғаны ушын, 2021-жылдың 1-январына шекем ислеп шығарылған ҳәм импорт етилген техникалар буған кирмейди, жуўапкершиликти белгилеў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, «Өзстандарт» агентлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы менен биргеликте халықаралық финанс институларының грантлары ҳәм кредитлери есабынан 2020-жыл 1-декабрьге шекем муўаплылық сертификатына ийе болған ҳәм мәмлекетлик сынаўлардан өткен импорт етилген ҳәм республикада ислеп шығарылған аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларының бирден-бир мәмлекетлик реестри интеграцияласқан мәлимлеме системасын жаратсын.

Усы мәлимлеме системасында аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларының сертификатқа ийе екенлиги, сынаўдан өткенлиги, баланста сақлайтуғын кәрхана ҳаққында толық мағлыўматлар бар екенлиги белгиленсин.

  1. «Өзстандарт» агентлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларының сынаўы сынаў шәртлерине қатаң әмел етилген ҳалда өткерилиўи және бирден-бир мәмлекетлик реестрге киргизилген аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларынан егинлерди жетистириўде пайдаланылыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тараўға тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўши студентлериниң әмелияты аўыл хожалығы ҳәм мелиорация техникаларын сынаў және сертификатлаў жумысларына интеграциялаўды тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте Министрлер Кабинетине:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында усыныслар киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығы техникасы ҳәм технологияларын сертификатлаў ҳәм сынаў орайының жумысын шөлкемлестириўге байланыслы Ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Барноевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 27-июнь