Бүгиннен елимиз аймағына Волгабойы аймақларынан салқын ҳаўа ағымы кирип келди. Бул ҳаўа ағымы усы ҳәпте даўамындағы ҳаўа райын белгилеп береди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.
Республика аймағының көпшилик бөлегинде ҳаўа райы жаўын-шашынларсыз болады.
16-17-июньда республиканың айрым орынларында самалдың тезлиги секундына 15-20 метрге шекем күшейиўи, қатты ескенде секундына 23-28 метрге шекем жетиўи мүмкин.
Бүгин, 16-июнь күни Қарақалпақстанда күндизги температура 30-35 градус болыўы күтиледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.