ОНЛАЙН ТАҢЛАЎ
Испания мәмлекети тәрепинен онлайн форматта өткерилген «WORLD ART GAMES» халықаралық таңлаўында Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқыўшысы Сарвиноз Олимова жеңимпаз болды.
Оның фортепианода атқарған қарақалпақ композиторы Ғайып Демесиновтың «Прелюдия» шығармасы абырайлы төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен жоқары баҳаланды ҳәм биринши орынға мүнәсип деп табылды. Жас талант ийеси тәрепинен шығарманың оғада тәсирли, динамикалық жақтан күшли ҳәм техникалық жақтан анық атқарылғанлығы айрықша атап өтилди.
-Елимизде жәрияланған карантин илажлары дәўиринде де шәкиртлеримиз бенен онлайн таярлықлар алып барып, түрли таңлаўларға қатнасыўға ҳәрекет еттик,-дейди жеңимпаз оқыўшының устазы Гүлнара Алланиязова.-Сарвиноз өткен жылдың ноябрь айында Испания мәмлекети тәрепинен Ташкент қаласында өткерилген «OPEN-ASIA» халықаралық таңлаўда екинши орынды ийелеген еди. Бул елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыў, талантлы жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың қәбилетин жүзеге шығарыўына қаратылып атырған итибар және ғамқорлықтың нәтийжеси деп билемен.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы