Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, усы жылдың 15-июнь сәнесинен баслап төмендеги категориялардағы адамларға авиарейслер арқалы санитариялық-эпидемиологиялық жағдай турақлы болған мәмлекетлерге:

 

А) Өзбекстан Республикасы кириў ҳәм республикадан шығыўға рухсат берилди:

 

– сырт еллердиң дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консульлық мәкемелериниң хызметкерлери және олардың шаңарақ ағзалары;

 

– инвестициялық жойбарлар шеңбериндеги Өзбекстан Республикасында жумыс алып барып атырған сырт ел компаниялары ҳәм басқа шөлкемлердиң қәнигелери;

 

– емлениў ушын елимизге киятырған (елимизден шығып баратырған) адамлар;

 

– сырт еллерде жақын ағайин-туўысқанлары ямаса аўыр наўқасланған ағайин-туўысқанлары болған адамлар;

 

– сырт еллердиң дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консульлық мәкемелериниң сораўлары тийкарында Өзбекстан Республикасы арқалы басқа мәмлекетлерге алып өтилип атырған (транзит ҳәрекетленип атырған) адамлар;

 

– Өзбекстан Республикасында турақлы түрде дизимге алынған сырт еллердиң пуқаралары, турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған адамлар, сондай-ақ, сырт еллерде турақлы дизимге алынған Өзбекстан Республикасының пуқаралары;

 

Б) Оқыў ҳәм жумысларын даўам еттириў ушын пуқараларға Өзбекстан Республикасынан шығыўға рухсат берилди. Бунда авиарейслер санитариялық қағыйдалар ҳәм нормаларға қатаң әмел еткен ҳалда шөлкемлестириледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.