FӘЛЛЕ – 2020
Аўыл хожалығы министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, 2020-жылдың зүрәәти ушын республикамыздағы 2851 фермер хожалығының 53 мың гектар жер майданына өткен жылы гүзлик бийдай егилген. Усы майданлардан гектарына орташа 61,7 центнер есабынан 327 мың 116 тонна масақлы дән жетистирип, мәмлекетке 101 мың 303 тонна (соннан, 88053 тоннасы товарлық ҳәм 13250 тоннасы туқымлық) дән тапсырыў режелестирилмекте.
Fәллениң орым-жыйым жумыслары табыслы басланып, бүгинги күнде қызғын пәтке минди.
Орым-жыйым илажларын системалы түрде әмелге асырыў мақсетинде, оған қатнасатуғын ғәлле орыў комбайнларына өз алдына отрядлар дүзилип, оларға жуўапкер қәнигелер бекитилди. Оларға 615 дән тасыўшы транспорт автомобиллери ҳәм 851 трактор тиркемелери бириктирилди.
– Сондай-ақ, орым-жыйым дәўиринде талап етилетуғын 19 млрд.
543 млн. сумлық қаржылардың есап-китабы ислеп шығылды,-дейди министрликтиң бөлим баслығы Р.Бекниязов. – Усы қаржылардың 7 млрд. 131 млн. сумы дәнди орып алыўға, 4 млрд. 719 млн. сумы дәнди тасып алыўға ҳәм 7 млрд. 692 млн. сумы сабаннан тазалап алыўға бөлистирилди.
Усы күнге дейин, 2889 гектарлық майдандағы орым-жыйым жумыслары тамамланды ҳәм гектарына орташа 54,3 центнерден 15696 тонна масақлы дән жетистирилип, мәмлекетке 7117 тонна дән тапсырылды.
Қараөзек районындағы «Қараөзекли Расул», Беруний районындағы «Бабишов Шамурат», Әмиўдәрья районындағы «Раджапов Аманбай», Шоманай районындағы «Оразбай пахтакеш» ҳәм Шымбай районындағы «Юнус ата Исламбек» фермер хожалықлары бириншилерден болып, ғәлле майданларыннан орташа гектарынан 65-70 центерден зүрәәт жетистирип, мәмлекетке дән тапсырыў режесин артығы менен орынлағанын атап өтсек болады.
Быйылғы жылда орым-жыйым жумысларын шөлкемлескенлик пенен әмелге асырып, ғәллени қысқа мүддетлерде зая етпей жыйнап алыўдың барлық тийисли илажлары көрилмекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)