Мүнәсибет

Қайсы дәӯирде де көркем өнер өз әҳмийетин жойытпаған. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен «Мәденият ҳәм көркем өнер тараӯының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыӯ илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң жумысын жетилистириӯ илажлары ҳаққында»ғы Қарарының қабыл етилиӯи шын мәнисинде барлық мәденият ҳәм көркем өнер тараӯы ӯәкиллери ушын үлкен қуӯаныш болды. Бул тарийхый ҳүжжетлер ҳәр бир тараӯ хызметкериниң жәмийетлик турмыстағы орны менен тәсирин нызамлы түрде беккемлеп ғана қоймастан, биз, дөретиӯшилерге күш бағышлап, кең имканиятлар есигин ашты. Пәрманға бола Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге тийисли концерт, мәденият сарайлары ҳәм басқа мәкемелерде толық жанлы ҳаӯазда атқарылатуғын концерт бағдарламалары ушын ижара ҳақынан 50 процент шегирме бериӯ тәртибиниң енгизилиӯи, қосықшыларымыздың, дөретиӯши ҳәм атқарыӯшылардың авторлық ҳуқықларын қорғаӯшы палатаның дүзилиӯи бизди және де белсене дөретиӯшилик етиӯге ийтермелейди. Әсиресе, 15-апрель — «Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни» деп жәрияланыӯы, усы тараў ўәкиллерине болған және бир айрықша болып есапланады

Усындай имканиятлар, мәденият ҳәм көркем өнер тараӯына қаратылып атырған айрықша ғамхорлық, итибар ушын Журтбасшымызға қарақалпақстанлы дөретиӯшилер атынан терең миннетдаршылық билдиремиз. Миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди жәҳән сахналарында жаӊлатыӯда бар күш-жигеримизди аямаймыз, билдирилген бул исенимди, әлбетте, ақлаймыз.

Мақсет ӨТЕМУРАТОВ,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист,

«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының ийеси

 Қарақалпақстан хабар агентлиги