Мүнәсибет

        Президентимиздиң елимиздеги барлық тараўлар қатары көркем өнер ҳәм мәденият тараўын қаратып атырған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде тараўда нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Бүгин мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў, әсиресе, нәўқыран әўладты көркем өнерге қызықтырыў, қәбилетли жасларымызды излеп табыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға итибар айрықша.

  Усы жылдыӊ 26-май күни Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўыныӊ жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў  илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниӊ жумысын жетилистириў  илажлары ҳаққында»ғы Қарарыныӊ қабыл етилиўи үлкен тарийхый ўақыя болды.

Елимиздиӊ миллий мәдениятын және де раўажландырыў, жаӊа Өзбекстанныӊ жаӊа тарийхын жаратыў, мәдений мийрасларымызды қәстерлеп сақлаў, халық аўызеки дөретиўшилиги ҳәм ҳәўескерлик көркем өнерин еле де ғалаба ен жайдырыў, журтымыздыӊ жәҳән мәдений орталығына жедел интеграцияланыўын тәмийинлеў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын иновациялық раўажландырыўға қаратылған бул тарийхый ҳүжжетлер узақты гөзленген мақсетлерге ерисиўде мәнзилимиздиӊ айдын болыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Пәрманға бола мәмлекетлик концерт ҳәм мәденият сарайларында толық жанлы атқарыўда өткерилетуғын концерт  бағдарламалары ушын ижара төлеми 50 процент шегирме тийкарында берилетуғын болды. Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен өткерилетуғын илажлар, концерт-тамаша хызметин  әмелге асырыўшы шахслар хызмет көрсеткенде әлбетте жазба ҳәм ҳақы төлеў есабына дүзилетуғын шәртнама дүзилиўи,  дөретиўшилердиӊ  ҳәм атқарыўшылардыӊ авторлық ҳуқықларын қорғаўшы палата шөлкемлестирилиўи белгиленди. Усы жылдыӊ сентябрь айынан баслап, ҳәр айдыӊ биринши екшембиси «ашық есиклер күни» болып, усы күни музейлерге кириў бийпул болады. Ал, ҳәр бир қала ҳәм аўылларда басқышпа-басқыш үлкетаныў музейлери шөлкемлестириледи.  15-апрель— Мәденият ҳәм көкем өнер тараўы хызметкерлери күни деп белгиленди. Әлбетте, бундай итибар ҳәм ғамхорлықтан бүгин тараў хызметкерлери шексиз қуўанышта. Өйткени, жаратылып атырған бундай имканиятлар жәмийетимизде дөретиўши инсанлар, көркем өнер шеберлери менен тараў хызметкерлериниӊ орнын ҳәм абырайын көтериўде үлкен роль атқарады. Соныӊ менен бирге, республикамыздыӊ ҳәр бир аймағында көшпели цирклер (шапито, дәрўазлар топарлары) менен ҳайўанат бағлары шөлкемлестирилетуғын болды. Министрликке қараслы Мәдений мийрас департаментиниӊ жумысларына да бир қанша жеӊилликлер берилип, департамент жанынан юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм көркем өнер экспертизасы бөлимлери шөлкемлестирилетуғын болды. Бул да бизиӊ бай тарийхқа ийе материаллық ҳәм материаллық емес мәдений мийрасларымызды және де қәстерлеп сақлаў, оларды келешек әўладқа сап ҳалында жеткериўде кеӊ имканиятлар есигин ашады.

Халқымыз арасында талантлы жаслар оғада көп. Олардыӊ көпшилиги бүгин өз өнерлери менен жәҳән сахналарын таӊ қалдырмақта. Пәрманда тараўды жас қәнигелер менен тәмийинлеў, олардыӊ илимий ҳәм дөретиўшилик қәбилетлерин жүзеге шығарыў бойынша да әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, 2020-2021-оқыў жылынан баслап ноталар топламлары ҳәм арнаўлы оқыў әдебиятлары мәмлекетлик қаржы есабынан баспадан шығарылып, билимлендириў мәкемелерине жеткериледи. Ендигиден былай балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде кем тәмийинленген шаӊарақ перзентлери қатарында имканияты шекленген балаларда оқыйды. Мақам атқарыўшылығы, бақсышылық, қосықшылық бағларлары бойынша кадрлар таярлайтуғын жаӊа Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институтыныӊ шөлкемлестирилиўи де  бизиӊ неше әсирлик бай миллий қосықшылық өнеримиздиӊ еле де раўажланып, уллы устазларымыздыӊ даўамшылары жетилисип шығыўына тийкар жаратады. Және министрликке қараслы қәнигелестирилген мектеплер тийкарында Республикалық музыка ҳәм көркем өнер колледжи, В.Успенский ҳәм Р.Глиэр атындағы Республикалық қәнигелестирилген музыка академиялық лицейлери Республикалық қәнигелестирилген музыка мектеплерине айландырылыўы, Карим Зарипов атындағы Республикалық эстрада ҳәм цирк колледжлериниӊ қайта шөлкемлестирилиўи де усылар қатарына киреди.

Усы жылдыӊ 1-сентябринен баслап жеке меншик театрларда да музыкалы, драмалық шығармаларды да сахналастырыўға рухсат етилиўи ҳәм бул ушын оларға авторлық ҳақы төлеўди жолға қойыў республикамызда жеке меншик театрлар жумысыныӊ белсендилигин арттырып қоймастан, олардыӊ саныныӊ көбейиўине де себепши болады.

Мәденият ҳәм көркем өнер ҳәр дәўирде де өзиниӊ қунын жойытпаған. Олар барлық тараўлар менен бирге теӊдей қәдем таслап жүреди. Талантлы қурылысшы, әжайып имарат қурса, ол ҳақыйқый көркем өнер дөретпесине айланады. Мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, дөретиўши зыялылар миллеттиӊ мәдений, мәнаўий келбетин белгилейди. Сонлықтан да , мәденият —миллет айнасы, жәмийет көриниси саналады. Ҳәр бир миллет өз мәдениятын тереӊ аӊламас екен, оны қанатсыз қусқа мегзетсе болады. Сыр емес, бүгин көпшилик жасларымыз ғалабалық мәденияттыӊ айырым түрлеринен үлги алып атырған бир  пайытта, оларды миллий қәдирятларымызға тән болған руўҳта тәрбиялаў, өзлигимизди аӊлатыў, олардыӊ қәлбинде ана Ўатанымызға, миллий мийрасларымызға деген ҳүрметти оятыў баслы ўазыйпамыз.

Елимизде барлық тараўларды теӊ қәдем таслатыў, бүгинги заман талабы ҳәм талғамына сай раўажландырыў —дәўир талабы. Усы көз қарастан Журтбасшымыздыӊ бүгин пүткил дүнья жүзи коронавирус пандемиясыныӊ аўыр ақыбетлерин бастан кеширип атырған бир пайытта, бизиӊ Өзбекстанымызды да шетлеп өтпеген тажлы бәлениӊ қәўпине қарамастан, елимиздиӊ барлық тараўларын теӊдей раўажландырыўдағы жанкүйерлик ислери мақтаўға ылайық.

Өзбекстанныӊ экономикалық жақтан қүдиретли болыўы, бул жолда турақлы раўажланыў ушын бийтәкирар мәденият ҳәм қәдириятларымызды тереӊ аӊлайтуғын жәмийеттиӊ қәлиплесиўине үзликсиз байланыслы екенлигин умытпаўымыз керек.  Усындай сынаўлы күнлерде мәденият тараўы хызметкерлерин жигерлендирген бул Пәрман ҳәм Қарардыӊ қабыл етилиўи бәршемизди елимиздиӊ мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў жолындағы мақсетимизге қанат болып, айдын мәнзилге қарай исенимли қәдем таслаўға ийтермелейди.

 

Қалбай ТУРДИЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги