«Титаник» Уллы Британияның «White Star Line» компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған кеме болып, өзиниң қурылыс процесинде дүньядағы ең үлкен кеме болып табылады. Бул саяхатшы кеме 1912-жыл 14-апрельдеги дәслепки сапары ўақтында Арқа Атлантика океанында айсберг пенен соқлығысып, 2 саат 40 минутта суў түбине шөгип кеткен.

«Xabardor.uz» басылымы усы кеме апатшылығының қалай болғаны ҳаққында материал жәриялады.

14-апрель күни «Титаник» Арқа Атлантиканы кесип өткен ҳәр қыйлы кемелерден 7 муз (айсберг) ҳаққында ескертиў хабарын алады, бирақ соған қарамастан, лайнер дерлик максимал тезликте ҳәрекетлениўди даўам еттиреди. Муз таўы кемениң жолында пайда болғанында, экипаждың сонша ҳәрекетлерине қарамастан, «Титаник» тезликти өзгерте алмады. Ақыбетинде лайнердиң оң тәрепи айсбергтиң суў астындағы бөлегине тийеди. Кемениң суў асты бөлиминде бир неше тесиклер пайда болады. 90 метрден аслам сыртқы бөлими, 16 бөлимге бөлинген корпустан  бесеўи қатты зыянланады ҳәм кеме әсте-ақырын шөге баслайды.

 

Лайнер апатшылығы менен байланыслы қызықлы мағлыўматлар

 

– Кеме соқлығысқан айсберг еки мың жыллық тарийхқа ийе еди;

– Кемедеги механиклердиң ҳеш қайсысы аман қалмаған. Олардың ҳәммеси жолаўшылардың қутқарылып, аман қалыўы ушын соңғы минутларға шекем пуў машинасының жумыс ислеўин тәмийинлеп турған;

– Кемениң төрт бөлими суў менен толғанда да шөкпей қалыўы анық еди. Тилекке қарсы, кемениң алты бөлими суўға толған еди;

– «Титаник»тен басқа ҳеш бир лайнер айсберг себепли апатшылыққа ушырамаған;

– Бақлаўшылар айсбергти көрип, жөнелисти өзгертиў буйрығы берилгенге шекем 30 секунд ўақыт кеткен. Бул кешигиў болмағанында кеме соқлығысыўдан аман қалыўы мүмкин еди;

– Лайнердиң шөгиўи даўамында музыкантлар тоқтамай бир неше саат музыка шертип турған. Олардың ҳәммеси қайтыс болған.

 

Кеме бортында 1316 жолаўшы, 908 экипаж ағзасы – улыўма 2224 адам болған. Олардан 712 адам ўақыя орнында қутқарылған.

 

Қарақалпақшалаған: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.