Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев 5-февраль күни мәмлекетимизде болып турған Сингапур Республикасының Саўда ҳәм санаат, миллий раўажланыў бойынша үлкен мәмлекетлик министри Ко По Кун басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Сәўбетлесиў ўақтында мийманларға Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўларда алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында айтып берилди. Ерисилип атырған нәтийжелер халқымыздың турмысын сезилерли дәрежеде унамлы тәрепке өзгертип атырғанлығы атап өтилди.

Жаңаланыўлар процесинде, атап айтқанда, мәмлекетлик басқарыўды және де жетилистириў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Сингапур тәжирийбесин үйрениў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ко По Кун соңғы жылларда Өзбекстанда жүз берип атырған үлкен экономикалық-социаллық, сиясий өзгерислерди халықаралық жәмийетшилик, соның ишинде, Сингапур халқы да үлкен қызығыўшылық пенен бақлап баратырғанлығын мәлим етти. Мәмлекетте болып атырған демократиялық жаңаланыўлар сырт мәмлекетлер, атап айтқанда, Сингапур менен бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли фактор болатуғыны айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды турақлы кеңейтип барыў, қәниге кадрларды таярлаў, әсиресе, мәмлекетлик хызметкерлердиң билимин арттырыў бойынша тәжирийбе алмасыў ушын Сингапурдың жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди орнатыўға келисип алынды.

Сондай-ақ, Өзбекстан менен Сингапур арасында тиккелей самолёт қатнаўын жолға қойыў мәселеси додаланды. Мәмлекетлеримиз арасында турақлы ҳаўа қатнаўының жолға қойылыўы дослық қатнасықларды беккемлеў менен бирге, туризм тараўын раўажландырыў ушын да кең имканиятлар жарататуғыны атап өтилди.

 

Саидмурод РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы