Академик М.Нурмухаммедовтың туўылғанына 90 жыл
… «Халқым бир ҳасыл еди!» –
Бул сөзден қайта алмайман.
«Жерим жап-жасыл еди!»
Дегенди айта алмайман.
I
Халқымның бир сыпаты:
Шетинен аңқылдаўық!
Досларға илтипаты,
Мақталған даңқын таўып.
«Даў!» десе, тура қашар,
Минбестен атын барып!
«Жаў!» десе, тарпа басар,
Ер түўе қатынлары!
Ғаррысы Мақтумқулы,
Бердақтың копиясы.
Бир ақшам тыңлаң буны,
Шежирениң көп уясы!
Көрмеген пәренжеңди,
Қызлары ҳеш әсирде,
Жек көрер нәренженди,
Қатынек, мүсәпирди!
Көрсең де паяпылда,
Қаймық, я кейин шегин!
Мат қылар сени жылдам,
Жуўаптан келиншеги!
Көрсетер елдиң салтын,
Халқының даналығын,
Қумардай Ерназардың,
Кейўаны аналығы.
Ҳаслына тил тийгизсең,
Ләттепәм, накәс төлсең!
Қызына тил тийгиз сен.
Қолынан өлгиң келсе!
Намысты өлмей берип,
Көрмеген арын сатып!-
Көкпарға жигитлери,
Ат алар барын сатып.
Шаңараққа қонса қонақ,
Жыйналар аўыл-аймақ,
Қой тапса жетер сол-ақ,
Таппаса атын соймақ!
«Тәңири» де күшин танып,
Қыйынға қайым көрген!
Иззетин басқа алып,
Мийнеттен пайын берген!
Жармыс, жап-жазбалары,
Өтмиштен жетип атыр,
Тутастыр қазғанларың!-
Тутас бир экватор!
Қум менен бирге жанып,
Бел менен қазған оны,
Қазыўдан усы халық,
Жәҳәнниң чемпионы!
көшиўге кәмбиллиги,
Цыганды таң қалдырған!-
Посыўлар кән бүлдирип,
Моншақтай тарқалдырған!
«Бөри жеп, бөлингенди»,
Желинген жат халыққа.
Жүзден тек оны келди,
Бул саҳра, батқақлыққа!
Азайып көптиң саны,
Қурытылар ҳалда келген!
Бунда да хан, султаны,
Былғалақ салған екен!
Тәғдийрдиң дигирманы
Мың жарса-ҳәм,
Сытылып тистен,
«Шурқ» етпей, «шыбын жаны»,
Бир дәни тири түскен!
Сол дәни өнип-өсип,
Ен жайған екен бунда,
«Дозақтың» оты есип,
Өртепти Қызыл қум да!…
…Шық тамбас таңлайына!…
Гөридур бул қула дүз!
…Қап-қара маңлайына,
Жарқ етип қонды жулдыз!…
…Өшлисин ғайзағандур!…
Жарқылдар найзалары!…
Найзалар – найзағайдур
Бултларды жарып-жарып…!
…Жазийра – жайнаған нур!…
Теңселген тораңғыллар!
Дәрьясы нәўпир еди.
Бир жықса ўайран қылар,
Әмиў айгапыр еди!
Жигити – қарабуўра!-
Жыққынға – арқасы бар!
Дәрьяны бурып туўра,
Ағызар арнасына!
Шыңғытар қолы менен,
Аралдың жайынларын!
Ертеклер жолы менен,
Апқайтар тайынларын!
Жылына алты ай анық,
Жап қазар беллер – батпан!-
Узақтан саға алып,
Алты ай ылай атқан!
Солайша бозын бостан,
Саҳрасын жайлаў еткен.
Тырбанып төле, қостан,
Этажлы жайға өткен!…
«Халқым бир ҳасыл еди!»-
Мың мәрте қайталайман!
«Жоқ-ғо, – деп, – ҳәсирети!»-
Еле-ҳәм айта алмайман-
II
«Туўған жер ҳәсирети!..»-
Бабамнан мийрас қалған.
«Жерим жап-жасыл еди!…»-
Десем-ҳәм болар жалған!
Баршылық кийигимиз,
Үстиртте ылақлаған,
Таўымыз бийик емес,
Нарзан жоқ булақлаған.
Аралдың толқынларын,
«Таў-таў» деп теңегенбиз.
Аралды-ҳәм барып-барып,
«Таў-таў дуз!» дер екенбиз!
Рекорд қоя алмадық,
Салыдан, пахтадан да.
Кебирди жоя алмадық,
«Дийхан!» деп мақтағанға!
Егиз қум ортасында,
Қысылған халықпыз ғой!
Жыланның ордасында,
Өтмиште қалыппыз ғой!
Еки қум жыланлары,
Ысқырысса-ҳәм буўа алмаған!
Қуўса да қуланларын,
Бизлерди қуўа алмаған!
«Қудайдың жәннетине»,
Булманды сатпағанбыз.
Тилегин ҳәмме тилеп,
Жуўасын мақтағанбыз.
Анамыз жаўлығына,
Орайды әдираспанын.
Аралдың саўлығынан,
Ғәрезли әл-аспаным!
Сүйеди жалғызындай,
Әмиўди бундағылар!
Әмиўи жалғыз «қудай»,
Сыйынған қумдағылар!
Жүрсек те бир қыяда,
Туўған жер – түсимизде!…
Өлсек те Түркияда,
Шоршаға көмер бизди!
Шаўдырбай СЕЙТОВ,
Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты, шайыр.
26-май, 1987-жыл.
Қарақалпақстан хабар агентлиги