Қарақалпақстан Республикасында Опера өнерине қәнигелестирилген 100 орынлық мектеп-интернаты қурылады. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Опера өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернат шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарар жойбарында атап өтилген, деп хабар берди ӨзА.

 

Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Өзбекстан композиторлары аўқамының:

– Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында опера өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернат шөлкемлестириў;

– Мектеп-интернат ушын имаратлар ҳәм объектлерди, соның ишинде, 100 орынлық 2 оқыў имараты, 50 орынлық жатақхана ҳәм асхана имаратын қурыў бойынша усынысы мақулланады.

 

Төмендегилер мектеп-интернатының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленеди:

– оқыўшыларды опера атқарыўшылығы бағдарында оқытыўдың заманагөй алдынғы педагогикалық усылларынан кең пайдаланыў, оқыў процесине жаңа мәлимлеме-педагогикалық технологияларды енгизиў;

– оқыўшылардың жоқары дәрежеде сапалы билим алыўын тәмийинлейтуғын мәмлекетлик талаплар шеңберинде қәнигелестирилген оқыў бағдарламаларын әмелге асырыў;

– опера өнери бойынша билим ҳәм көнликпелер, тарийхый ҳәм миллий дәстүрлерди пуқта ийелеген жас кадрларды таярлаў;

– билимлендириў процесине заманагөй педагогикалық ҳәм инновациялық технологияларды, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында илимий тийкарда ерисилген алдынғы табысларды енгизиў.

 

Атап өтилиўинше, мектеп-интернат Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги системасындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген билимлендириў мәкемеси болып есапланады, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ғазнашылық бөлиминде жеке ғазна есап-бетине, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гербиниң сүўрети түсирилген ҳәм өз атамасы жазылған мөрге, штампқа, бланкаларға ийе болады.

 

2021-2022-оқыў жылында мектеп-интернаттың 8- ҳәм 9-классларына, 2022-2023-оқыў жылынан баслап болса – 8-класына 25 оқыўшы таңлаў тийкарында қабыл етиледи.

Өзбекстан Республикасы мәденият министрине мектеп-интернаттың материаллық-техникалық базасы, педагог кадрлардың потенциалы ҳәм талабынан келип шыға отырып кейинги жылларда оқыўшыларды қабыллаў квоталарына өзгерислер киргизиў ҳуқықы бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.