Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоевтың мәмлекетимиздиң парламентлик сайлаўына халықаралық бақлаўшы сыпатында келген Америка – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм менен ушырасыўы өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасының сайлаў нызамшылығындағы өзгерислер ҳаққында сөз болды. Атап өтилгениндей, сайлаўлар мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларын қәлиплестириў институты сыпатында жәмийетлик турмыста барған сайын беккемленип бармақта.
Кэролин Лэмм бурын да Өзбекстандағы сайлаў кампанияларын бақлағаны, бул ретки сайлаў кампаниясы ашық-айдынлығы артып, сайлаўшылардың да, талабанлардың да қарым-қатнасы кеңейип баратырғаны, жәмийетшиликтиң сайлаўларға қызығыўшылығы артқаны менен өзгешеленетуғыны ҳаққында өз пикирлерин билдирди.
Америка – Өзбекстан саўда палатасының баслығы сыпатында соңғы жылларда Өзбекстан нызамшылығындағы өзгерислер сырт ел инвесторларының кепилликлерин күшейткенине ҳәм усы тәризде сырт мәмлекетлердеги инвесторлардың елимизге болған исеними артып барыўына хызмет ететуғынын атап өтти.
* * *
Содиқ Сафоев Өзбекстандағы парламентлик сайлаўларда халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген ЕҚБШның Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңеси бойынша кеңесгөйи Георгий Квирикашвили менен ушырасты.
Сөйлесиў даўамында Г.Квирикашвили 2017-жыл 20-сентябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев пенен Нью-Йорк қаласындағы ушырасыўы, сондай-ақ, парламентлер дәрежесиндеги еки тәреплеме сапар етиўлердиң жеделлескени сиясий, социаллық, экономикалық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўдиң раўажланыўына жаңаша руўх бағышлағаны туўралы пикир билдирди.
Мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним, дослық, стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған бирге ислесиў байланыслары барлық бағдарлар сыяқлы сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша да раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди. Быйыл 22-декабрь күни болып өтетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасына ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлығына сайлаўларды улыўма тән алынған халықаралық сайлаў стандартларына муўапық ашық-айдын өткериў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылып атырғаны ҳаққында сөз етилди.
Ушырасыўда Г. Квирикашвили мәмлекетимиз парламентлик сайлаўына халықаралық бақлаўшы сапатында мирәт етилгенинен қанаатланатуғынын айрықша атап өтти.
* * *
Олий Мажлис Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети ағзасы Раҳматулла Назаров парламентлик сайлаўларда халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасыў ушын келген Канада парламенти ағзасы, Жәмәәтлер палатасындағы «Канада – Өзбекстан» дослық топарының баслығы Зиёд Абуолтоиф пенен ушырасты.
Атап өтилгениндей, бул ретки сайлаў пүткиллей жаңа шараятларда болып өтпекте. Оның ашық-айдынлығын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге қаратылған таярлық жумыслары жоқары шөлкемлестириўшилик дәрежесинде әмелге асырылғаны итибарға ылайық.
Тәреплер сайлаў халықаралық стандартларға толық муўапық жағдайда өтетуғынына исеним билдирди. Бул болса Өзбекстанның өзи таңлаған демократиялық жолға садықлығын және бир мәрте көрсетеди.
Сәўбетлесиў ўақтында «Канада – Өзбекстан» дослық топары шеңбериндеги бирге ислесиў бағдарлары, соның ишинде, биргеликтеги илажларды өткериў бойынша пикир алысылды.
Абдулазиз МУСАЕВ,
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршылар