Ҳүкимет  қарары менен 2019-2021- жылларда  Интернет жәҳән   мәлимлеме тармағында миллий контентти және де раўажландырыў бойынша комплексли бағдарлама тастыйқланды.Бул ҳаққында xs.uz   сайтында  хабар берилмекте.

Бағдарлама миллий  веб-ресурслар санын артырыў, оларды  Интернет тармағында алға қойыў хәм ғалаба ен жайдырыў ушын  шараят жаратыў сыяқлы мәселелерди нәзерде тутады.

Бағдарламаға   муўапық, мектеплерде «Информатика» пәни  бағдарламасы хәм методологиясы алдынғы сырт ел тәжирийбесин  есапқа алған ҳалда қайта   көрип шығылады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Миллий кино фонды  веб-сайыты хәмде Миллий филлимлер веб-парталы жаратылды.

Бағдарламаға бола, «Vikipediya» интернет энциклопедиясына  Өзбекстанның атақлы спортшылары хәм спорт шөлкемлериниң жумысы хаққында мағлыўматлар жайластырылып барылады.

Интернет  тармағының UZ доменинде  пайдалы билимлендириў- ағартыўшылық хәм темалы веб-ресурсларды жаратыўшы авторлар хәм прогаммаластырыўды хошаметлеў мақсетинде  балалар хәм жас өспиримлер  ушын жаратылған интернет-жойбары тийкарында республикалық таңлаў өткериледи.

 

         Рахат ҚУЎАНЫШБЕКОВ,

    ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги