Тақыятас районындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Миллий липаслар көргизбеси» өткерилмекте.

Тақыятас районы ҳаял-қызлар комитетиниң басламасы менен Өзбекстан Жаслар аўқамының районлық кеңеси, халық билимлендириў бөлими биргеликте шөлкемлестирип атырған илажда жуўапкер шөлкемлердиң басшылары, исбилерменлер, оқытыўшы ҳәм оқыўшылар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен барлық аймақларда Миллий липаслар көргизбесин шөлкемлестириў бойынша «жол картасы» ислеп шығылған. Онда ҳәр бир улыўма орта билим бериў мектебинде 14-18 жастағы оқыўшы-қызлар қатнасыўында миллий кийимлер көргизбесин өткериў, усы арқалы миллий кийимлер менен нағысларды сақлап қалыў, келешек әўладларға жеткериў мақсет етилген.

– Биз турақлы түрде жасларымызға мәдениятымызға, үрп-әдет, дәстүрлеримизге туўры келмейтуғын кийимлерден көре, миллий кийимлеримиздиң артықмашылық тәреплерин үгит-нәсиятлап барыўымыз керек. Ескиден аналарымыздан мийрас болып қалған миллий кийим-кеншеклеримизди қызларымызға кийгизиў арқалы олардың қаншелли рәңбәрең ҳәм жарасықлы, қымбат баҳалы екенлигин халқымызға, әсиресе, жасларымызға көрсетиўди, ата-бабаларымыз өз заманында «ҳижаб» киймегенин, күнделикли ҳәм айрықша илажлар ушын арналған миллий кийимлери болғанын түсиндириўди нийет еткенбиз, – дейди Тақыятас районы ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, ҳәким орынбасары Зульфия Сапарова.- Районымыз бойынша жәми 22 мектепте өткерилип атырған бул көргизбе усы бағдарда алып барылып атырған жумыслардың даўамы болып табылады. Қызларымыз арасында миллий қәдириятларымызды кеңнен үгит-нәсиятлаў, саламат турмыс тәризин қарар таптырыў ҳәм «ғалаба мәденият»қа қарсы нәтийжели гүресиўде бундай илажлардың орны гиреўли.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.