USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 23 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

21-октябрь – өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Абдулла  АРИПОВ, 

Өзбекстан қаҳарманы, халық шайыры

 

ӨЗБЕК ТИЛИМ

 

Дым ескимен,

Кәрўан менен заманлар кештим,

Нар түйениң нарлығы да әпсана екен.

Бир күн түйе шубатынан шыпа деп иштим,

Ана түйе атын билдим-әрўана екен.

 

Дәўри-дәўран сүриппен мен ақ атты минип,

Ҳай-ҳай, оның қолтығында бар екен қанат.

Ўақты келип, даңқ-даўрықтан қыялым тынып,

Билсем соңыра сол атымды дер екен – боз ат.

 

Сен таўсылмас шәшмедурсаң оҳ, ана тилим,

Жетпис еки тамырыма мәўиж урып кирди.

Бир күн үнсиз қалып еди бағда бүлбилим,

Сандуўғашым! – деген едим сайрап жиберди.

 

Инсан деген қутлы сөздиң таппадым теңин,

Ол тәнҳадур аспандағы қуяштай мысал.

Бирақ бирин бала дейди, бирин өспирим,

Бул жигитдур, бул жасыуллы, баба, ақсақал.

 

 

 2015-жыл

 Аўдарған:

 Баҳамдулла НУРАБУЛЛАЕВ