Қазақстан пайтахты Нур-Султан қаласында өткерилип атырған спорт гүреслери бойынша жәҳән чемпионатында -77 килограмда жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов Токио Олимпиадасында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.

Жерлесимиз жарысты украиналы Володимир Яковлиев үстинен ерисилген жеңис пенен баслаған болса, бронза медалы ушын гүресиў имканиятын беретуғын басқышта болса литвалы Паулиус Галкинасты да жеңди. Бул жеңиси менен Жалғасбай күншығыс елинде болып өтетуғын төрт жыллық ең атақлы спорт жарысларына жолламаға ийе болды. Жерлесимиз бронза медалы ушын болып өткен беллесиўде қазақстанлы Асхат Дилмуҳаммедовқа ҳеш қандай имканият қалдырмай, жәҳән чемпионатының бронза медалын жеңип алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.