Усы жыл 29-август күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейииниң жаңа имаратын пайдаланыўға тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы, музей имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Г.Аннақлычева, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, белгили композитор Н.Муҳамеддинов бул музейдиң тарийхы, миллий мийрасларымыз бенен қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, оны келешек әўладқа жеткериўдеги орнына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басламасы мәденият, әдебият, көркем өнер тараўларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейинде, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер ҳәм Қуўыршақ театрларында, Мойнақ районындағы Мәденият бөлими, Амфитеатр ҳәм басқа да имаратларда алып барылған қурылыс және реконструкция жумыслары буның айқын мысалы болып табылады. Нөкис қаласында жаңадан қурып питкерилген Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи имараты қаламыздың көркине көрик қосыў менен бир қатарда, халқымызды, соның ишинде, жасларымызды тарийхымызға, мәдениятымызға, миллий үрп-әдет және салт-дәстүрлеримизге ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға хызмет етди.

Ҳақыйқатында да, музей ҳәр бир халықтың өтмишинен бүгинги күнге шекемги сақланып келген шежиреси болып табылады. Солай екен, музей арқалы сол үлкеде өмир сүриўши халықтың тарийхын, дәўир руўхын сезиўимизге болады. Мәлим болғанындай, қай жерде мәденият, руўхыйлық, ағартыўшылық қәдирленсе, көздиң қарашығындай қәстерленсе, сол жердиң перзентлери кәмил инсанлар болып жетилиседи.

Усындай ағла пазыйлетли халықтың тарийхын, көркем өнер дөретпелерин өзинде жәмлеп, дерлик 90 жылдан бери минсиз хызмет атқарып киятырған, өзиниң бай экспонатына ийе бурынғы Қарақалпақ мәмлекетлик үлкетаныў музейине Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-декабрьдеги «2017-2018-жылларда мәмлекет музейлериниң жумысларын жетилистириў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында» ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи атамасы берилди. Қарардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде 2017-2027-жылларда  музей имаратларын қурыў,  реконструкциялаў, ири оңлаў ҳәм үскенелеўдиң мәнзилли бағдарламасы қабыл етилди. Усы тийкарда музейдиң жаңа имаратының қурылысы басланып, оны «Нөкис үй жай қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жәмәәти сапалы етип питкерип, елимиз ғәресизлигиниң 28 жыллық байрамы алдынан халқымызға саўға етилди.

-Бундай итибар және ғамқорлық республикамыздың тарийх, этнография, мәденият, көркем өнер ҳәм экология бағдарындағы ишки туризмди буннан былай да раўажландырыў, республикамызға келип атырған сырт елли туристлердиң ағымын көбейтиў, бул жердеги экспонатларды қәстерлеп сақлаў және оны келешек әўладқа кеңнен таныстырып барыўдай ийгиликли ўазыйпаларды жүклейди,-дейди музей директоры Венера  Матекеева.-Миллий архитехтуралық үлгиде қурылған имаратта барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, 7 заманагөй үскенелер менен тәмийинленген фонд бөлмеси,  витрина, жақтыландырыўшы аудиогидлер менен тәмийинленген көргизбе залы келиўшилердиң хызметинде.

Музей алдына тартылған қырмызы лента кесилип,  қатнасыўшылар жаңа имараттағы шараятлар, бул жерге қойылған экспонатлар менен танысты.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.