Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы ҳәм оның орынлардағы жәмийетлери  тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы жумыслар менен бир қатарда кем тәмийинленген хожалықлардан, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардан да хабар алып, оларға ҳәр тәреплеме руўхый ҳәм материаллық жәрдем көрсетип келмекте.

Жыл басынан берли олар республикамыздағы жигирмадан аслам усындай хожалықларға қалыс жәрдемин көрсетти.

Жақында, жәмийет қәнигелери Федерация баслығы А.Урумбаевтың басшылығында пайтахтымыздағы Саманбай МПЖ да болып пуқаралар менен ушырасыўлар өткерип, усы аймақта, яғный Шымбай ели көшесинде жасаўшы жалғыз баслы ана И.Сапароваға улыўма баҳасы 300 мың сум болған 10 таўықты қалыс көмек сыпатында саўға етти.

– Мениң үш қызым бар. Үлкен қызым турмысқа шыққан, екиншиси колледжде, ал кишкене қызым мектепте 7-класста оқыйды. Быйылғы жылы ҳүкиметимиз тәрепинен халықтың жағдайынан хабар алынып, мүтәжлерге руўхый ҳәм материаллық жақтан жәрдем көрсетилип атырғанлығын көрип, еситип атырған едик. Маған да жақында Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен жәрдем көрсетилди. Оғада қуўанышлымыз. Әсиресе, 10 таўықтың жәрдем ретинде берилиўи хожалығымыз ушын үлкен мәдет болды. Буның ушын жәмийет басшыларына, мәкан пуқаралар жыйынымыздың басшыларына миннетдаршылығымыз шексиз,-дейди И.Сапарова.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги