Усы жылдың биринши ярым жыллығында республикамызда судланған шахслардың саны өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 38,1 процентке азайған. Яғный, 2018-жылдың биринши ярым жыллығында бул көрсеткиш 645 шахсты қураған болса, быйылғы ярым жыллықта 399 шахсты қураған.

Соннан, 354 шахсқа жаза тайынланып, ҳүким шығарылған. 206 шахстың иси өндиристен қысқартылған, 33 шахсқа жаза тайынланбастан ҳүким шығарылған, 45 шахсқа шәртли жаза, сынақ мүддети берилген.

Бул мағлыўматлар усы жыл 29-июльде Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судында Қарақалпақстан Республикасының жынаят, пуқаралық, экономикалық, ҳәкимшилик ислери бойынша судларының басшылары, Нөкис қаласындағы МПЖ баслықлары ҳәм белсендилери, журналистлердиң қатнасыўында өткерилген баспасөз конференциясында атап өтилди.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева, Ҳәкимшилик судының баслығы А.Әдилов, Экономикалық суды баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Г.Зарипова ҳәм Пуқаралық ислери бойынша суды баслығының орынбасары ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы С.Қайыпназарова судлар тәрепинен 2019-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслар бойынша толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, жынаят түрлерине бола судланғанлар саны, атап айтқанда намысқа тийиў жынаяты 29 (18) шахсқа 61,0 процентке, транспорт қуралларын алып қашыў 5 (2) шахсқа 150,0 процентке көбейген.

Жынаятшылықтың алдын алыў, көбейип атырған жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ислерди көриўде жиберилип атырған кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў мақсетинде суд әмелиятын үйрениў ҳәм таллаў бойынша суд жумысы тараўлары және жынаят ислериниң категориялары бойынша улыўмаластырыўлар өткерилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли мәмлекетлик мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге усыныслар берилген, кемшиликлер барлық судлардың хызметкерлериниң қатнасында додаланып, тийисли илажлар әмелге асырылмақта.

Есап бериў дәўиринде, жәми көрип жуўмақланған жынаят ислеринен 240 ис, яғный, 46,0 проценти көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылған.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен исбилерменлер ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерден келип түскен 3279    даўа арза көрип шығылған болып, усы ислер бойынша даўагерлердиң пайдасына 227 миллиард 982 миллион сум өндириў ҳаққында суд қарарлары қабыл етилген. Республика бюджетине 3 миллиард 622 миллион 730 мың сум мәмлекетлик бажы өндириў ҳаққында қарарлар қабыл етилген болып, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда бул көрсеткиш
1 миллиард 240 миллион 650 мың сумға артқан. Қарақалпақстан Республикасы, районлараралық (район) экономикалық судларында 2018-жыл даўамында 131 суд мәжилислери видеоконференц (ВКБ) байланыс режиминде ѳткерилип, нәтийжеде 74 миллион 343 мың сум қәрежет үнемленген, соннан мәмлекетлик ҳәм бюджет шөлкемлери бойынша үнемлеп қалынған қәрежет 11 миллион 771 мың сумды қурайды.

Конференцияда жынаятшылықтың алдын алыў жумысларында тийисли уйымлар менен бир қатарда кең жәмийетшилик ўәкиллериниң, атап айтқанда, мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары менен белсендилериниң, ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң айрықша орны бар екенлиги атап өтилип, бул жумысларды жеделлестириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.