Бүгинги күнде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-марттағы ПҚ-4227-санлы «2019-жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша мәмлекетлик буйыртпа ҳаққында»ғы қарары ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери министрлигиниң 2019-жыл 10-майдағы «Өзбекстан Республикасы Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан субсидия ҳәм грантлар ажыратыў тәртиби туўралы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы буйрығының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде субсидиялар берилмекте.

Жумыс бериўшилерге берилетуғын субсидиялар халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларының (ХБКО) жолламасы бойынша жумысқа қабыл етилген хызметкерлерди кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыўға жумсалатуғын қәрежетлерди қаплаў ушын бериледи.

– Буның ушын жумыс бериўши ҳәр бир хызметкерге 6 ай даўамында ҳәр айда ең кем айлық мийнет ҳақының 4 есеси муғдарында айлық мийнет ҳақыны төлеўди әмелге асырыўы ушын, тийисли аймақтағы ХБКОға жазба түрде мүрәжат етеди,-дейди Нөкис қалалық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының директоры С.Ўразалиев. – Мүрәжатта кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбе арттырыў орны, мүддети, жумыс бериўши шөлкемниң субсидия төлеп берилиўи тийис болған есап бети көрсетилиўи, сондай-ақ, мүрәжатқа хызметкердиң жумысқа қабыл етилгенлиги ҳаққындағы буйрық нусқасы қосымша етилиўи шәрт.

Социаллық жәрдемге мүтәж адамларды квоталанған ең кем саннан артық муғдарда жумысқа қабыл еткен шөлкемлерге – ҳәр бир хызметкер ушын 12 ай даўамында ҳәр айда ең кем айлық мийнет ҳақының 2 есеси муғдарында ҳақы төленеди. Бунда шөлкем усы категориядағы адамларды жумысқа қабыл еткенин билдирип, субсидия төлеп бериўди сорап тийисли аймақтағы ХБКОға жазба түрде мүрәжат етеди.

Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы қан қуйыў станциясына квоталанған ең кем саннан артық муғдарда усы категориядағы еки пуқараны жумысқа қабыл еткени ушын 12 айға, ҳәр ай ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 2 есеси муғдарында қаржы ажратылды. Ҳәзирги күнде жоқарыда аты көрсетилген пуқараларға еки айда ҳәр бириниң айлық мийнет ҳақысы ушын 810920 сумнан қаржы өткерилди.

Буннан басқа, Нөкис қалалық 6-санлы шаңарақ поликлиникасына да, социаллық жәрдемге мүтаж халық қатламларына тийисли бир пуқараны квоталанған ең кем саннан артық муғдарда жумысқа қабыл еткени ушын 12 ай даўамында усы хызметкердиң айлық мийнет ҳақысын бериўи ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 2 есеси муғдарында қаржы ажратылды.

Ал, жеңил конструкциялы ыссыханалар қурыў, туқымлықларды, нәллерди ҳәм суўғарыў қурылмаларын сатып алыў ушын – «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ, ХБКО ҳәм қыйтақ жер ийелери арасында дүзилген үш тәреплеме шәртнамалар тийкарында ең кем айлық мийнет ҳақының 3 есесинен 10 есесине шекем болған муғдарда субсидия бериледи. Бунда, қыйтақ жер ийеси субсидия ажыратыўды сорап тийисли аймақтағы ХБКОге мүрәжат етеди. ХБКО тәрепинен 3 жумыс күни ишинде қыйтақ жердиң майданы, шараяты үйрениледи ҳәм оның нәтийжеси бойынша дәлалатнама дүзиледи. ХБКОниң жуўапкер хызметкери «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ, ХБКО ҳәм қыйтақ жер ийеси арасында үш тәреплеме шәртнама дүзиледи.

Қарарға муўапық грантлар, кәсип өнер билимлендириў мәкемелерине бәнт болмаған шахсларды, әсиресе, мийнет миграциясынан қайтқан пуқараларды, кем тәмийинленген шаңарақларда жасайтуғын ҳаял-қызларды кәсипке қайта үйретиўге жумсалатуғын қәрежетлерди қаржыландырыў ушын ажыратылады.

Сондай-ақ, кәсип өнер оқытыў орайлары, колледж ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде кәсип өнерге таярлаў, агротехнология, бағшылық, мийўе-овощь өнимлерин таярлаў, шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм пал ҳаррешилик тараўында фермер ҳәм дийқан хожалықларының басшылары, жумысшылары және қыйтақ жер ийелерин қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыўға қаржы ажыратады.

Пурсаттан пайдаланып, қаладағы исбилерменлик субъектлери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен буйыртпалар қабыл етилип, Нөкис қалалық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы менен шәртнамалар дүзилиўин ҳәм жумыссыз пуқараларды ХБКО жолламасы тийкарында жумысқа қабыл етиўин сорайман. Буның менен жумыс бериўшилер өзине ҳәм жумысқа мүтәж пуқараларға жәрдем берген болады.

Себеби, пуқаралардың айлық мийнет ҳақы төлемлериниң 50 проценти Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Қор тәрепинен төлеп бериледи.

Бунда жәмийетлик жумысларға тартылған пуқаралардың қор тәрепинен қапланатуғын бөлеги ең кем айлық мийнет ҳақының еки ярым есесинен аспаўы керек.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.