Нөкис қаласының орайлық майданында Гүллер байрамы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң басламасы менен өткерилген илажда министрликлер, кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, оқыў орынлары өзлеринде жетилистирип атырған гүллер, сондай-ақ, гүлден таярланған жүзден аслам декарациялары менен қатнасты.

Биринши мәрте өткерилген бул байрам қаламыз турғынлары менен мийманларда айрықша тәсир қалдырды. Буны олардың кеўил-кейпиятынан да аңлаўымызға болады. Ҳақыйқатында, гүллер ҳәмийше гөззаллық, қуўаныш ҳәм тынышлықтың символы болып келген. Инсанлар өзлериниң қуўанышлы күнлеринде бири-бирине гүл саўға етеди.  Ырғалысқан шырайлы гүллер қоршаған орталықты гөззаллыққа бөлейди.

Республикамыз пайтахты менен район орайлары жылдан-жылға абаданласып, раўажланып бармақта. Соңғы жыллары қыябанларымыз менен көшелеримизге егилген түрли реңдеги гүллер кимниң болсада дыққатын өзине тартады. Олардың ишинде жергиликли, соның менен бирге, сырт еллерден алып келинген гүллерди ушыратыўымызға болады. Әсиресе, үй шараятында өсирилип атырған гүллер шаңараққа сән-салтанат бағышлап ғана қоймастан, инсан саламатлығына да өзиниң шыпабағыш қәсийети менен тәсир етеди. Буны усы күни шөлкемлестирилген гүллер ярмаркасынан да көриўимизге болады.

-Бундай илажлардың өткерилиўи инсанлардың гүл өсириўге болған ықласын арттырып, оларды гөззаллыққа талпындырады,-дейди Елликқала районынан Жанибек Бабажанов.-Байрамға өзлеримизде жетистирилген елиўден аслам түрдеги гүллеримиз бенен қатнасып атырмыз. Халқымыз оларды айрықша қызығыўшылық пенен сатып алмақта.

Бундай байрамлар дөретиўши инсанларға илҳам-йош бағышлайды. Жас сүўретшилер тәрепинен ана тәбиятымыз, гүллер туўралы сызған сүўретлериниң бир-биринен шырайлы екенлигин көриўимизге болады.

 

Гүллер байрамы республикамыз көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери