Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-июнь күни Tashkent City қурылыс майданына барды.

Бул халықаралық бизнес орайы сегиз лотқа ажыратылған ҳалда қурылмақта. Усы ўақытқа шекем 7 миллион куб метр топырақ жумыслары орынланып, елиўден аслам имаратқа беккем тырнақ жаратылды. Бүгинги күнде бетон каркаслар ҳәм дийўаллар қурыў, инженерлик тармақларды тартыў жумыслары алып барылмақта.

Конгресс-холл ҳәм Hilton мийманханасы қурылып атырған 5-лот ең алдынғы майданлардан бири болып есапланады. Бул имаратларда темир-бетон, металл конструкция ҳәм имараттың төбесин бастырыў жумыслары жуўмақланып, қурылыс көлеминиң сексен проценттен асламы питкен. Ҳәзирги ўақытта электр тармақларын монтажлаў, ишки безеў ҳәм механика жумыслары орынланбақта.

ffecb38c-1cf1-0c50-cf13-0170d8dda6ef.jpg

Мәмлекетимиз басшысына алдынғы еткен сапары ўақтында көрсетпелердиң орынланыўы ҳаққында мағлыўмат берилди. Соның ишинде, үлкен конгресс-холлда барлық форматтағы халықаралық илажлар шөлкемлестириў ушын заманагөй шараятлар жаратылмақта. Бул жерде саммитлер, олардың шеңберинде еки тәреплеме ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерди жоқары дәрежеде өткериў мүмкин болады. Үлкен делегациялардың ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, хызмет көрсетиўшилер ушын зәрүр қолайлықлар жаратылады.

7fd0f882-e991-ecd0-6780-8a14b0c6f889.jpg

Президент конгресс-холлға тутас 21 қабатлы, бес жулдызлы Hilton мийманханасын да кирип көрди. Бул жерде жергиликли ҳәм сырт ел инвесторлары менен сәўбетлести.

Мәмлекетимиз басшысы конгресс-холл ҳәм мийманханада жоқары дәрежеде хызмет көрсетиўди жолға қойып, турақлы дәрамат табыўды тәмийинлеў, аймақта қурылатуғын дем алыў бағында жерлеслеримиз ҳәм туристлер ушын кеңнен шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

6b60c67f-8a73-50e8-199e-a017f2ad6af5.jpg

5f44b3ab-85ed-586f-f2bb-c9a684b6ab0c.jpg

f4016af0-ccc4-7035-0e0c-a92d214f2396.jpg

30265ab9-4e03-4044-8443-c1305d672fc7.jpg

a03dbeea-5345-4c3c-210e-bedfd4796b98.jpg

ӨзА