Пайтахтымызда Өзбекстан Республикасы Президенти саўғасы ушын «Ташаббус-2019» таңлаўының мәмлекетлик басқышы жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқышының жеңимпазлары, бир қатар министрликлер, мәкемелерден жуўапкерлер, кең жәмийетшилик ҳәм мәмлекетимиздеги дипломатиялық корпус ўәкиллери катнасты.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икромов ҳәм басқалар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар исбилерменлерге кең имканиятлар жаратып атырғанлығын айрықша атап өтти. Бул бойынша Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, «Өнермент» бирлеспеси, Жаслар аўқамы тәрепинен түрли министрликлер ҳәм мәкемелердиң жәрдеминде дәстүрий түрде өткерилип атырған бул таңлаў да жоқары әҳмийетке ийе.
Таңлаўдың район ҳәм қалалық басқышларында 7 мыңға шамалас исбилерменлик субъекти катнасты. Олардың 35 проценти исбилермен ҳаял-қызлар екенлиги итибарға ылайықлы. Бул, әлбетте, мәмлекетимизде ҳаял-қызлар исбилерменлигин коллап-куўатлаўға қаратылған ис-ҳәрекетлер нәтийжеси.
Таңлаўдың мәмлекетлик басқышына 69 катнасыўшы жоллама алды.
Олар арасында «Санаат тараўында жылдың ең жақсы исбилермени», «Хызмет көрсетиў тараўында жылдың ең жақсы исбилермени», «Жылдың ең жақсы жас исбилермени», «Жылдың ең жақсы өнерменти», «Жылдың ең жақсы фермери» бағдарларында жеңимпазлар анықланды.
Бул бағдарлар бойынша биринши орын ийелерине Президентимиз саўғасы -«Spark» автомобили, екинши ҳәм үшинши орын ийелерине 20 ҳәм 15 миллион сумнан пул сыйлықлары тапсырылды. Сондай-ақ, арнаўлы номинациялар бойынша сыйлықланғанлар да қымбат баҳалы саўғаларға ийе болды.
Биринши орын жеңимпазлары арасында Қашқадәрья ўәлаяты Яккабоғ районындағы «Ситора имкон плюс» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесиниң баслығы Наргиза Саломова да бар.
-Бул таңлаў мени өз үстимде ислеўге ҳәм излеениўге ийтермеледи,-деди Н.Саломова. –Мәкемемиз ҳаял-қызлар ҳәм жасларды кәсип-өнерге таярлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклеседи. Усы ўақытқа шекем 1600 ден зыят жасларды жумыс пенен тәмийинледик. Жумысымызды және де кеңейтип, жаңа жеке меншик мектеплер ҳәм киши тоқымашылық фабрикаларын шөлкемлестириўди жобаластырғанбыз. Бүгинги табысымыз ҳәм Президентимиздиң итибары бундай мақсетлеримизди әмелге асырыўда бизге зор қанат болады.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзАның хабаршысы