Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-июнь күни Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Қазақстан Республикасы Бас министри Асқар Маминди қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының избе-из беккемленип, экономиканың түрли тармақларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў жеделлесип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

2.jpg

Өз гезегинде Асқар Мамин Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Қазақстанның биринши Президенти-Елбасы Нурсултан Назарбаев ҳәм Президент Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

3.jpg

Ушырасыўда туўысқан мәмлекетлеримиз басшылары дәрежесиндеги турақлы ушырасыўлар ҳәм исенимге тийкарланған сөйлесиў еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етип, оларды анық әмелий мазмун менен байытқаны атап өтилди.

Биринши мәрте ҳүкимет басшылары дәрежесинде өткерилген   Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси саўда, инвестициялар, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика туризм ҳәм басқа да бағдарларда перспективалы жойбарларды алға қойыўдың нәтийжели механизми екенлиги атап өтилди.

Аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў, атап айтқанда, Өзбекстанда Қазақстан жылы шеңберинде биргеликтеги жойбарларды өткериўге айрықша итибар қаратылды.

Қазақстан Бас министри көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди булжытпай әмелге асырыў бағдарындағы умтылысы исенимли екенлигин атап өтти.

4.jpg

ӨзА