АҚШ сертификатланған дәслепки саўда миссиясының мәмлекетимизге сапары шеңберинде пайтахтымызда 18–20-июнь күнлери Өзбекстан – АҚШ бизнес-форумы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасы, мәмлекетимиздиң Вашингтондағы елшиханасы тәрепинен АҚШ саўда министрлиги ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда саўда, қаржы, металлургия, авиация, логистика, аўыл хожалығы, машинақурылысы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, геология, бағдарламалық тәмийнат сыяқлы тараўларда жумыс алып баратуғыны министрликлер ҳәм мәкемелер, компания ҳәм фирмалардың басшылары, бизнес топарлар ўәкиллери қатнасты.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзақов, Саўда-санаат палатасы баслығы А.Икромов ҳәм басқалар Президентимиздиң Америка Қурама Штатларына сапарынан усы мәмлекет пенен көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларында жаңа бет ашылғанлығын атап өтти.
Бул сапардан соң мәмлекетимизде бизнес жүргизиў нийетинде болған АҚШ компанияларының саны артып, олар менен биргеликте әмелге асырылып атырған перспективалы қоспа жойбарлар көбейди.
Илажда америкалы исбилерменлерге мәмлекетимизде саўда-инвестиция, қурылыс, энергетика, транспорт, финанс, аўыл хожалығы, билимлендириў, тоқымашылық сыяқлы тараўларда әмелге асырылыўы режелестирилген перспективалы жойбарлар усынылды, бир қатар бағдарлар бойынша пайдалы келисимлерге қол қойылды.
«Өзагротехсаноатхолдинг» акционерлик жәмийети тәрепинен АҚШтың «General Electric» «John Deer» ҳәм «СAT/Zeppelin» сыяқлы компаниялардың ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўлар соңында мәмлекетимизде аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыўды раўажландырыў, өнимлерди локализациялаў, қоспа кәрханаларды шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.
«B2B» түриндеги ушырасыўларда АҚШ саўда-инвестиция компанияларының мәмлекетимизде бизнес жумысын және де кеңейтиў сыяқлы мәселелер бойынша пикир алысылды.
Өзбекстан – АҚШ бизнес-форумы мәмлекетлеримиздиң саўда-экономикалық бирге ислесиў байланысларын кеңейтиўдеги пайдалы шерикликти жолға қойыў ушын өзине тән платформа болып хызмет етеди.
Ғ.Хонназаров,
ӨзАның хабаршысы