Дәслеп Бухара, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында басқышпа-басқыш енгизиледи.

Өзбекстан Республикасында заманагөй туқымгершилик кластерлерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында Ҳүкимет қарары қабыл (512-санлы 2019-жыл 18-июнь) етилди.

Оған бола 2019-жылдың үшинши шерегинен баслап Бухара, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын ислеп шығарыўдың кластер формасы басқышпа-басқыш енгизиледи.

Туқымгершилик кластерлери «Туқымгершиликти раўажландырыў орайы» МУК ҳәм инвесторлардың биргеликтеги қатнасыўында шөлкемлестириледи.

Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан туқымгершилик кластерлерине кредит ажыратылады.

Қарар менен, сондай-ақ, туқымгершилик кластерлерин шөлкемлестириў ушын таңлаўларды өткериў тәртиби ҳаққындағы реже, туқымгершилик кластерлериниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм туқымгершилик кластерлерин шөлкемлестириў ушын таңлаўлар өткериў басқышлары тастыйықланды.

 

ӨзА