Бир неше айлардан берли интернет, ҒХҚ ҳәм баспасөз басылымларының темалары жоқары оқыў орынларына қабыл етиў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў тәртибиндеги өзгерислерге бағышланған еди.

Әҳмийетли жаңалықлардан бири – бир қатар жоқары билимлендириў мәкемелерине абитуриенттиң жайласыўы ҳәм жасаў орнына қарамастан, онлайн тәризде my.gov.uz порталы арқалы ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайлары МХО жәрдеминде ҳүжжет тапсырыў имканияты жаратылғаны болып есапланады.

Бүгинги күнде республикамыздың ҳәр бир районында 201 усындай орай бар, алыс аймақлардың халқы ушын болса МХОлардың 50 ден аслам шақапшалары жумыс алып бармақта.

Төмендеги дизимдеги Жоқары оқыў орынларына ҳүжжетти әпиўайыластырылған тәртипте тапсырыў мүмкин:

  1. Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети;
  2. Қарақалпақ мәмлекетлик университети;
  3. Гүлистан мәмлекетлик университети;
  4. Ферғана мәмлекетлик университети;
  5. Самарқанд мәмлекетлик университети.

Өткен жылы ҳүжжетлерди тәжирийбе тийкарында қабыл етиў тәртиби Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети тәрепинен сынақтан өткерилди.

Нәтийжеде мәмлекетимиздиң 7 мыңнан аслам шаңарақлары 1,5 миллиард сумнан зыят қәрежетти үнемлеп қалды.

Қәнигелердиң орташа есабына бола, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен Жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди тапсырыўдың әпиўайыластырылған тәртиби енгизилиўи нәтийжесинде бул қәрежетлер шаңарақлардың бюджетинде сақлап қалынған.

Бир қатар ҳүжжетлер ушын қосымша қәрежетлер азайтылды – 086-санлы медициналық мағлыўматнама, жасаў орнынан мағлыўматнама, фотосүўретлер, сондай-ақ, пайтахтқа келип-кетиўге ҳәм бул жерде жасаўға байланыслы қәрежетлер қысқартылды.

Солай етип, Өзбекстан халқының қаржылары  шанарақлық бюджетте қалып, қосымша ҳүжжетлерди алыў ҳәм университетке келип-кетиў ушын жумсалған қымбатлы ўақты үнемленди.

Бүгин МХОлар арқалы ҳүжжет тапсырыў ушын тек ғана 2 ҳүжжет соралады:

– пуқаралық паспорты (паспорт жасына жетпегенлер ушын туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық);

– улыўма орта билимлендириў (11-класс қурамында) ямаса орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесин жуўмақланғанлығы ҳаққындағы ҳүжжет (қосымшасы менен).

Жеңилликке ийе болған абитуриентлер жеңиллик ҳуқықын тастыйықлайтуғын ҳүжжетти усыныўы керек.

Дәрек: «Ҳуқықый мәлимлеме»

ӨзА