Бул ҳаққында Өзбекстан Миллий баспасөз орайында «Өзавтосанаат» АЖның жумысына ири трансмиллий компаниялардың тәжирийбелерине тийкарланған ең жақсы заманагөй усылларды енгизиўге бағышланған баспасөз әнжуманында сөз етилди.

Илажда «Өзавтосанаат», «GM Uzbekistan» акционерлик жәмийетлери, Ташкенnтеги Турин политехника университетиниң ўәкиллери ҳәм журналистлер қатнасты.

«Өзавтосанаат» АЖ хызметкерлери менен ислесиў бойынша басқарма баслығы Л.Маматованың сөзлерине қарағанда, кадрларды дурыс таңлаў ҳәм қайта таярлаў ҳәр бир кәрхананың экономикалық нәтийжелилигине сезилерли тәсир етеди. Ҳәзирги заман базар шараятында әмелий кадрлар сиясатысыз үлкен нәтийжелерге ерисиўге болмайды. Кәрхананың ҳәр бир жетискенлиги артында хызметкерлердиң тынымсыз мийнети туратуғынына гүман жоқ.

Бүгинги күнде «Өзавтосанаат» АЖ қурамына 85 тен аслам кәрхана киреди, оларда 27 мыңнан аслам адам мийнет етеди. Жергиликли автосанаат  200 ден аслам сырт ел кәрханалары ҳәм шөлкемлери менен жедел бирге ислесиў алып барады.

Ҳәзирги ўақытта акционерлик жәмийетиниң кадрлар сиясаты өз раўажланыўының жаңа басқышын өтпекте. Бурынғы кадрларды таңлаў ҳәм таярлаў системасының орнына хызметкерлерди басқарыўдың жаңа усыллары ҳәм HR – менеджменти келмекте. Жаңа күнлерде персоналды KPL нәтийжелилиги көрсеткишлери тийкарында баҳалаў системасы енгизиледи. Соның ишинде, қойылатуғын баҳалар хызметкерлердиң мийнет ҳақысына тәсир етеди, бул болса олар ушын түртки ўазыйпасын атқарады. Бир ўақыттың өзинде «Өзавтосанаат» АЖ барлық бөлимлеринде шөлкемлестириў структуралары талланып, оптималластырылады.

Автосанаат кәрханалары ушын жоқары қәнигели кадрларды таярлаў мақсетинде Ташкент қаласында Турин политехника университети шөлкемлестирилди. Университет ашылғанына он жыл болған болса, усы ўақыт ишинде оның тийкарында «Өзавтосанаат» ҳәм «GM Uzbekistan» акционерлик жәмийетлери тәрепинен 20 дан аслам жойбар әмелге асырылды.

Жаңа оқыў жылынан баслап бул жерде оқыўдың жаңа бағдары – «Автомобиль санааты» ашылады. Оқыў «Өзавтосанаат» ҳәм «GM Uzbekistan» менен биргеликте таярланған бағдарлама бойынша алып барылады.

Сондай-ақ, машина қурылысы тараўында пәнди раўажландырыў мақсетинде усы жылдың май айында Италиядағы Турин политехника университети  ҳәм Ташкент қаласындағы Турин политехника университетлери арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды, оған бола Polito Double degree PhD қоспа докторантура ашылды. Докрорантураны питкерген питкериўшилер бирден еки университеттиң илимий дәрежесин алады.

Баспасөз әнжуманында «Өзавтосанаат» АЖ хызметкерлери журналистлердиң барлық сораўына жуўап берди.

Роман БОНДАРЧУК,

ӨзАның хабаршысы