USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 25 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ ИЛИМ ҒАЙРАТКЕРЛЕРИ МЕНЕН ПИКИРЛЕСТИ

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Миллий университетинде жоқары оқыў орынларының ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң басшылары, академиклер, илимпазлар, жас изертлеўшилер менен ушырасты.

Ушырасыўда илимий-изертлеў жумысларын коммерцияластырыў, кадрлар таярлаў ҳәм оларды материаллық, социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелери ҳаққында сөз болды.

Мәмлекетимиз басшысы импорт орнын басатуғын ҳәм өндиристи локализациялаўға қаратылған илимий қолланбаларды көбейтиў, тараўдағы ҳәр бир шөлкем системасында илимий өнимлерди базарға қолайлы ететуғын маркетинг системасын шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти. Илимий мәкемелерди келеси жылдан тиккелей мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырыўға өткериў усынысы илимпазлар тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды.

d6ae5e9d-8159-f724-5059-9193c3d15105.jpg

Излениўшең илимпазларды хошаметлеў мақсетинде илимий қолланба жаратқан изертлеўшиге докторлық ҳәм оны әмелиятқа енгизген излениўшиге таяныш докторлық илимий дәрежесин беретуғын бинар (екилик) қорғаў системасын енгизиў, бюджет қаржылары есабынан стажёр-изертлеўшилер институтын және елимиздиң биологиялық көп түрлилигин үйренетуғын дала-тәжирийбе станцияларын шөлкемлестириў бойынша усыныслар берилди.

3273f572-f95d-fd0b-4bcc-e600e196197e.jpg

Кейинги жылларда илим ҳәм билимлендириў тараўы хызметкерлери избе-из хошаметленип келинбекте. Илимий хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысы өткен жыл 1-сентябрьден орташа 25 процентке, усы жыл 1-январьдан 20 процентке көбейтилген еди, 1-июльден болса 25 процентке көтерилди.

Президентимиз бул әмелий илажлардың логикалық даўамы сыпатында усы жылдың 1-сентябринен барлық мәмлекетлик шөлкемлерде илимий-педагогикалық жумыс пенен шуғылланып атырған, билимлендириў ҳәм илим тараўында жумыс алып барып атырған илим кандидатларының айлық мийнет ҳақысына 30 процент, илим докторларына болса 60 процент үстеме ҳақы белгилеўди усыныс етти.

Шавкат Мирзиёев илимпаз ҳәм педагоглардың социаллық шараятларын жақсылаў мәселелерине де айрықша итибар қаратты.

Атап айтқанда, Студентлер қалашасы аймағында   профессор-оқытыўшылар, жас излениўшилер ушын 6 көп қабытлы жай ҳәм барлық шараятларға ийе универсал спорт комплексин қурыў бойынша тапсырма берди. Сондағ-ақ, қалашада Жаслар бағы, жазғы тамашалар майданшасы, «китап-кафе»леер, Wi-Fi зоналарын шөлкемлестириў ҳәм абаданластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

4b917371-3a01-7dc0-5f90-b3fcc545948e.jpg

Усы жерде Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң илимий-педагогикалық жумысы ҳәм кадрлар таярлаў системасын жетилистириўге байланыслы режелер менен таныстырыў өткерилди. Бес жыллық комплексли бағдарлама ислеп шығып, университеттиң жумысын раўажландырыў ҳәм халықаралық рейтинглерде мүнәсип орын ийелеўин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди. Университет жанындағы лицейди тәбийғый ҳәм анық пәнлерге қәнигелестириў, жетик қәнигелерге болған талап барған сайын артып атырғанын есапқа алып, университетте жаңа факультетлер шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

0f916654-1143-df4b-bff6-5ed1d61ae227.jpg

– Қәбилетли жасларды излеп табыў ҳәм оларды мақсетли тәрбиялаў бағдарындағы жумысларды күшейтиў керек. Илимди, тәрбияны дурыс берсек, барлық тараўларды қәнигели кадрлар өзлери раўажландырады, – деди Шавкат Мирзиёев.

72940fe9-d4f3-76d0-9dcd-4185c4b7577e.jpg

24c80568-445d-f394-1e14-8a331254058d.jpg

ӨзА