Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-май күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Халықаралық валюта фондының басқарыўшы директоры Кристин Лагардты қабыл етти.

 Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Халықаралық валюта фонды арасындағы әмелий ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў избе-из раўажланып баратырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

2017-жылдың сентябринде Нью-Йорк қаласында усы жылы апрель айында Пекин қаласында өткен еки тәреплеме сөйлесиўлер нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм буннан былай да кеңейтиўге хызмет еткени атап өтилди.

Бүгинги күнде фонд елимизде алдынғы халықаралық тәжирийбе ҳәм билимлер тийкарында кең көлемли реформалар ҳәм жаңаланыўлардың режесин ислеп шығыў және әмелге асырыўда әҳмийетли шериклерден бири екени айрықша атап өтилди.

1.jpg

Соңғы еки жылда фондтан берилген техникалық жәрдемниң көлеми сезилерли дәрежеде артты: мәмлекетимизге ХВФның 14 миссиясы келди, салық ҳәм қаржы тараўлары бойынша жетекши халықаралық консультантлар ҳәм экспертлер тартылды.

Фондтың жәрдеминде Өзбекстан ХВФ статистикалық мағлыўматлар тарқатыўдың улыўма системасына қосылды, Орайлық банк ҳәм валютаны тәртипке салыў ҳаққындағы нызамлардың жаңа редакциядағы жойбары ислеп шығылды, жаңа Салық сиясаты және ҳәкимшилиги концепциясы ҳәм басқалар енгизилди.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Халықаралық валюта фондының бирге ислесиў перспективалары толық додаланды ҳәм бул бойынша тийкарғы бағдарлар белгилеп алынды.

Пул-кредит ҳәм салық-бюджет сиясатын жетилистириў, монетарлық сиясаттың нәтийжели қуралларын енгизиў, мәмлекетимизде исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм басқа да бағдарларда жедел бирге ислесиўди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.

Өз гезегинде, ХВФның басқарыўшы директоры Өзбекстанға сапар етип келиўи мирәт еткени ҳәм шын кеўилден қабыллағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. Кристин Лагард фонд мәмлекетимизде барлық тармақ ҳәм бағдарларды қамтып алған ҳалда жедел әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалайтуғынын айрықша атап өтти.

2.jpg

Өзбекстанның Орайлық Азияда жақсы қоңсышылықты беккемлеў ҳәм өз-ара исенимди арттырыў, регионаллық саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша ҳәрекетлери айрықша атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Кристин Лагард Халықаралық валюта фонды мәмлекетимизде нәтийжели реформаларды әмелге асырыў ҳәм экономиканың турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўди даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады.

 

ӨзА